Ферғана ўәлаятының туризм потенциалынан максимал дәрежеде пайдаланыў бойынша алып барылып атырған жумыслар өз нәтийжесин бермекте. Кейинги жыллары ўәлаятқа келген сырт елли туристлердиң саны бир неше есеге артқаны да буны айқын тастыйықлайды.
Бул бағдарда әййемги Марғулан қаласының имканиятлары оғада үлкен. Мәмлекетимиз басшысының 2025-жыл 1-апрельдеги қарары тийкарында бул жерде "Бурҳонуддин Марғиноний" комплекси шөлкемлестирилген. Ол "қала ишинде қала" принципи тийкарында миллий архитектуралық дәстүрлер, Марғилан тарийхы ҳәм заманагөй туризм талапларына жуўап беретуғын инфраструктураны өз-ара үйлестирген ҳалда қурылған.
35 гектар майданды иелеген комплексте туристлер ушын барлық қолайлықлар жаратылмақта. Бул жерде мийманхана, кәрўансарай, саўда ҳәм хызмет көрсетиў имаратлары, өнерментлер орайы, миллий базар, музей қурып питкерилген.
Белгили илимпаз Бурханиддин Марғинонийдиң бай илимий мийрасын үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаў комплекс жумысының тийкарғы бағдарларынан бири болып есапланады. Соның менен бирге, әемги өнерментшилик дәстүрлерин қәстерлеп сақлаў, зыярат ҳәм мәдений туризмди раўажландырыў илажлары да нәзерде тутылған.
Комплексте "Атабек ҳәм Кумуш үйлери" музейи де шөлкемлестирилген. Оның дийўалларында "Өткен күнлер" романындағы көринислер жанланып, әдебият ҳәм тарийх өз-ара үнлес болған өзине тән орталық жаратылған. Буннан тысқары, бул жерде мақам театры, шайыр ҳәм художниклер қыябаны, китапхана жайласқан.
Баҳасы 1,7 триллион сум болған жойбардың бас режеси Түркияның «Studio Vertebra» компаниясы тәрепинен ислеп шығылған. Комплекс еки басқышта қурылады. Келешекте бул жерде бизнес орайы, 1 мың 500 орынлық мешит, мийманханалар, 400 саўда ҳәм хызмет көрсетиў шақапшасы, 300 орынлық "Шарқ" базары шөлкемлестириледи.
Мәмлекетимиз басшысы комплексте әмелге асырылып атырған қурылыс жумысларын көзден өткерди, өнерменчтшилик устаханалары, көркем өнер ҳәм әмелий көркем өнер көргизбеси, саўда орынларын барып көрди, жәмийетшилик ўәкиллери менен қызғын сәўбетлести.
Комплекс толық иске қосылғаннан соң, ўәлаятқа жылына орташа 200-250 мың сырт елли туристлерди тартыўы күтилмекте. Оның нәтийжесинде 2 мың жумыс орнын жаратыў, бюджетке 52 миллиард сум түсим ҳәм 30 миллион долларлық хызметлер экспортын тәмийинлеў мөлшерленген.
Буннан тысқары, "Бурҳониддин Марғиноний" комплекси тәжирийбесин Бухарадағы "Мәңги Бухара", Самарқандтағы Имам Мотуридий мақбарасы, Қоқандтағы Орда, Намангандағы Ахсикент архитектуралық естелиги ҳәм Ташкент қаласының ески қала бөлиминде инфраструктураны раўажландырыў жойбарларына да енгизиў режелестирилген.