Жарыста республикамызда жайласқан жоқары оқыў
орынларының командалары қатнасып, өзлериниң физикалық таярлығын, шаққанлығын
ҳәм аўызбиршилигин көрсетти.
Беллесиўлер белгиленген 4 шәрт тийкарында
шөлкемлестирилди. Атап айтқанда, студент жаслар турған орнында узынлыққа
секириў, 100 метр аралыққа жуўырыў, турникте тартыныў ҳәм граната ылақтырыў
бойынша өз-ара жарысып, өзлериниң күш-ғайратын, шаққанлығын ҳәм мәртлигин
көрсете алды.
Қызғын ҳәм кескин өткен жарыс жуўмағында, биринши
орынды майдан ийелери есапланған Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик
университети командасы жеңип алып, әскерий-спорт жарысының жуўмақлаўшы
басқышына жолламаны қолға киргизди.
Ал, сыйлы екинши орынды болса, Әжинияз атындағы Нөкис
мәмлекетлик педагогикалық институты ҳәм Қарақалпақстан аўыл хожалығы ҳәм
агротехнологиялар институты командалары жеңип алды.
Үшинши орын болса, Қарақалпақстан медицина институты
ҳәм Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм
биотехнологиялар университети Нөкис филиалы командаларына несип етти.
Жарыс соңында жеңимпаз командалар шөлкемлестириўшилер
тәрепинен таярланған арнаўлы дипломлар менен сыйлықланды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.