Онда аймақта картошка жетистириўди раўажландырыў,
заманагөй агротехнологияларды енгизиў ҳәм шарўашылық тараўында инвестициялық
жойбарларды әмелге асырыў мәселелери ҳәр тәреплеме додаланды.
Сөйлесиў даўамында тәреплер аўыл хожалығы өнимлерин
жетистириў нәтийжелилигин арттырыў, жоқары өнимдарлы сортларды енгизиў,
заманагөй суўғарыў ҳәм агротехникалық усылларды қолланыў бойынша өз-ара
тәжирийбе алысты. Әсиресе, картошка жетистириў бағдарында экспортқа жарамлы ҳәм
зүрәәтли сортларды аймақтың климатына бейимлестириў мәселелерине айрықша итибар
қаратылды.
Сондай-ақ, шарўашылықты раўажландырыў, нәсилли шарўа
бас санын көбейтиў, от-жем базасын беккемлеў ҳәм қайта ислеў системасын жолға
қойыў бойынша перспективалы усыныслар билдирилди. Пакистанлы инвесторлар
аймақтың аўыл хожалығы потенциалы, бар имканиятлары ҳәм мәмлекет тәрепинен
жаратылып атырған қолайлы инвестициялық орталықты жоқары баҳалады.
Ушырасыў жуўмағында тәреплер өз-ара пайдалы бирге
ислесиўди буннан былай да беккемлеў, биргеликтеги жойбарларды басқышпа-басқыш
әмелге асырыў ҳәм аграр тараўда жаңа жумыс орынларын жаратыўға хызмет ететуғын
басламаларды қоллап-қуўатлаўға таяр екенлигин билдирди.
Қарақалпақстан
хабар агентлиги.