Бул рет додалаўлар орайында турған мәселелер тек ғана тәбиятты қорғаў ямаса экологиялық турақлылық пенен шекленип қалмады. Керисинше, олар экономикалық өсиў моделлери, ресурсларды бөлистириў, регионаллық қәўипсизлик ҳәм мәмлекетлер арасындағы исеним мәселелери менен тығыз байланыслы екени және бир мәрте айқын көринди.

Президентимиздиң бул сапар етиў шеңберинде алға қойған басламалары болса бул процесске пүткиллей жаңа мазмун киргизди. Олар сыртқы көринисте экологиялық бағдарлама ямаса басламалар топламы болып көринседе, тийкарында Орайлық Азияның келеси он жыллықтағы геоэкономикалық бағдарын белгилеп беретуғын стратегиялық концепция сыпатында қәлиплеспекте. Бул басламалардың мәнисин түсиниў ушын оларды айрықша қарарлар емес, ал улыўма тенденция, яғный экологияның глобал сиясат ҳәм экономикада орайлық орынға шығыўы контекстинде көрип шығыў зәрүр.

Бүгинги күнде экологиялық машқалаларды өз алдына, тар тараўлық мәселе сыпатында талқылаў ескише қатнасқа айланып қалды. Себеби суў ресурсларының жетиспеўшилиги, климат өзгериўи, жер деградациясы сыяқлы процесслер тиккелей экономикалық өсиўге, азық-аўқат қәўипсизлигине ҳәм социаллық турақлылыққа тәсир етпекте. Усы мәнисте экологиялық күн тәртиби әсте-ақырын мәмлекетлик сиясаттың орайлық элементине айланбақта. Астана саммити болса мине усы өзгеристи институционаллық ҳәм сиясий дәрежеде беккемлеген ўақыя болды.

Саммитте келтирилген мағлыўматлар бул тенденцияның қаншелли қатаң екенин айқын көрсетеди. Атап айтқанда, экспертлердиң баҳасына бола, 2040-жылға барып Арал теңизи бассейнинде суў ресурсларының жетиспеўшилиги дерлик еки есеге артыўы мүмкин. Бул сан әпиўайы статистика емес, ал регионның келешектеги социаллық-экономикалық сценарийин белгилеп беретуғын индикатор болып есапланады. Себеби суў тамтарыслығы аўыл хожалығы өнимдарлығының төменлеўи, халықтың дәраматларының қысқарыўы, ишки миграцияның күшейиўи ҳәм, ең әҳмийетлиси, социаллық теңсизликтиң артыўы дегени.

Машқаланың және де қурамалы тәрепи сонда, бүгинги күнде регионда суў ресурсларынан пайдаланыў нәтийжелилиги төмен дәрежеде қалмақта. Аўыл хожалығында бир доллар қосымша қун жаратыў ушын дерлик үш куб метр суў жумсалып атырғаны атап өтилди. Бул көрсеткиш дүньядағы орташа дәрежеден дерлик еки есеге жоқары. Демек, машқала тек ғана ресурс жетиспеўшилигинде емес, ал оны нәтийжесиз басқарыўда да көринбекте. Басқаша айтқанда, Орайлық Азия мәмлекетлери тәбийғый ресурслардан пайдаланыўдың ески, экстенсив моделинде қалып кеткен.

Усы көзқарастан қарағанда, мәмлекетимиздеги реформалар үлкен әҳмийетке ийе. Ҳәзир суўғарылатуғын жерлердиң 60 процентинде суўды үнемлейтуғын технологиялар енгизилген, ирригация тармақларының 40 проценти бетонластырылған ҳәм насос станцияларын модернизациялаў арқалы энергия жумсалыўы дерлик 30 процентке азайған. Бул илажлар нәтийжесинде ҳәр жылы 10 миллиард куб метрден аслам суў үнемленбекте ҳәм 2030-жылға барып бул көрсеткиш 15 миллиард куб метрге жеткерилиўи режелестирилмекте.

Бул санлар, әлбетте, салмақлы жетискенликлерден дәрек береди. Бирақ бул жерде әҳмийетли бир сораў туўылады: бул реформалар системалы трансформацияны аңлатады ма ямаса бар моделдиң бир бөлегин оптималластырыў менен шекленеди ме? Себеби ҳақыйқый турақлылыққа ерисиў ушын тек ғана технологияларды енгизиў жетерли емес. Буның ушын экономикалық механизмлерди, ресурслардан пайдаланыўға көзқарасты ҳәм ҳәтте жәмийеттиң мәдений көзқарасларын өзгертиў талан етиледи.

Әне усы көзқарастан қарағанда, саммитте алға қойылған басламалар арасында Аралды қутқарыў халықаралық қорының жумысын модернизациялаўға қаратылған усыныслар айрықша әҳмийетке ийе. Бул қор узақ жыллар даўамында регионаллық бирге ислесиўдиң әҳмийетли институты болып киятырған болса да, оның нәтийжелилиги шекленгенин тән алыў керек. Соның ушын оның институционаллық потенциалын арттырыў, ўәкилликлерин анық белгилеў ҳәм жумысын нәтийжелилик көрсеткишлери тийкарында баҳалаў зәрүрлиги атап өтилди.

Бул усыныслар қор жумысын жаңа басқышқа алып шығыў имканиятын береди. Бирақ бул жерде де тийкарғы мәселе сиясий ерк ҳәм мәмлекетлер арасындағы исеним дәрежеси болып есапланады. Себеби трансшегаралық ресурслар мәселесинде келисимге ерисиў ҳәр қашан да аңсат бола бермейди. Сол себепли бул басламалардың табысы тек ғана техникалық шешимлерге емес, ал сиясий қарым-қатнастың тереңлигине де байланыслы болады.

Саммитте алға қойылған және бир әҳмийетли идея "Орайлық Азия жасыл саўда коридоры"н жаратыў басламасы болып есапланады. Бул идея, бир қарағанда, экологиялық өнимлер айланысын хошаметлеўге қаратылғандай көринсе де, тийкарында ол регионаллық экономикалық интеграциянын жана модели сыпатында баҳаланыўы мүмкин. Бул баслама шеңберинде экологиялық стандартларды үйлестириў, сертификатларды өз-ара тән алыў ҳәм саўда тәртиплерин әпиўайыластырыў нәзерде тутылмақта. Бул болса, өз гезегинде, регионда "жасыл экономика"ны раўажландырыў ушын қолайлы шараят жаратады.

Саммиттеги додалаўларда және бир концептуаллық мәселе - ресурслардан пайдаланыў мәдениятын өзгертиў зәрүрлиги айрықша атап өтилди. Президентимиздиң атап өткениндей, егер жәмийеттиң суўға мүнәсибети өзгермесе, ҳеш қандай инженерлик шешимлер күтилген нәтийжени бермейди. Бул пикир тийкарынан турақлы раўажланыўдың ең терең ҳәм ең қурамалы тәрепин билдиреди. Себеби, мәдениятты өзгертиў узақ мүддетли, системалы ҳәм көп қырлы процесс болып, ол билимлендириў, үгит-нәсиятлаў ҳәм институционаллық реформалардың сәйкеслигин талап етеди.

Усы жағынан "Келешек суўы" бағдарламасын иске қосыў усынысы стратегиялық әҳмийетке ийе. Бул бағдарлама арқалы фермерлер ҳәм санаат кәрханаларын суўды үнемлейтуғын технологиялардан нәтийжели пайдаланыўға үйретиў нәзерде тутылмақта. Бул болса тек ғана ресурсларды үнемлеўге емес, ал экономикалық нәтийжелиликти арттырыўға да хызмет етеди.

Астанада қәлиплескен күн тәртибин және де тереңирек таллаўда және бир әҳмийетли тенденция көзге тасланады: Орайлық Азияда ресурсларға тийкарланған бәсеки әсте-ақырын ресурсларға тийкарланған бирге ислесиўге айланбақта. Бул өзгерис өз-өзинен жүзеге келген жоқ. Ол кейинги жылларда қәлиплескен сиясий исеним, ашық-айдын сөйлесиў ҳәм прагматикалық сыртқы сиясаттың нәтийжеси болып есапланады. Бирақ бул процесс еле нәзик басқышта. Ол турақлы институционаллық механизмлер менен беккемлениўи керек.

Усы көзқарастан, саммит шеңберинде алға қойылған "Орайлық Азияда суўдан ақылға уғрас пайдаланыў бойынша әмелий ҳәрекетлер он жыллығы" басламасы айрықша итибарға ылайық. Бул баслама әпиўайы декларация емес, ал узақ мүддетли стратегиялық шеңбер жаратыўға қаратылған. Оның әҳмийети сонда, ол мәмлекетлерди қысқа мүддетли қарарлардан узақластырып, системалы ҳәм үзликсиз ҳәрекет етиўге шақырады. Бирақ бул жерде және бир әҳмийетли сораў туўылады: бул "он жыллық" қандай анық механизмлер арқалы әмелге асырылады? Егер ол анық индикаторлар, қаржыландырыў дәреклери ҳәм есап бериў системасы менен тәмийинленбесе, ол да көплеген басқа да халықаралық басламалар сыяқлы декларациялық характерде қалып кетиўи мүмкин.

Астана саммитинде додаланған басламалар арасында және бир стратегиялық бағдар - регионаллық мағлыўматлар ҳәм таллаў системасын жаратыў мәселеси болып есапланады. Атап айтқанда, Орайлық Азия экологиялық атласын ислеп шығыў усынысы бул бағдарда әҳмийетли қәдем болыўы мүмкин. Себеби, ҳәзирги күнде регионда экологиялық мағлыўматлар тарқалған, системаланбаған ҳәм көп жағдайларда өз-ара салыстырып болмайтуғын ҳалда сақланбақта. Бул болса қарар қабыл етиў процесин қыйынластырады.

Егер бирден-бир мағлыўматлар базасы ҳәм таллаў платформасы жаратылса, бул тек ғана мәмлекетлер арасында исенимди арттырып қоймастан, ал инвестицияларды тартыў ушын да әҳмийетли факторға айланады. Себеби инвесторлар ушын ашық-айдынлық ҳәм анықлық биринши дәрежели әҳмийетке ийе.

Регионаллық бирге ислесиўди күшейтиў ушын технологиялық платформалардың әҳмийети артып бармақта. Санластырыў, жасалма интеллект ҳәм мониторинг системалары арқалы суў ресурсларын басқарыў нәтийжелилигин сезилерли дәрежеде арттырыў мүмкин. Бирақ бул жерде де сораў туўылады: Орайлық Азия мәмлекетлери бундай технологияларды енгизиўге таяр ма? Бул тек ғана қаржы емес, ал институционаллық ҳәм кадрлар потенциалына да байланыслы мәселе.

Астана саммитиндеги додалаўлардан келип шығатуғын және бир әҳмийетли жуўмақ сонда, Орайлық Азия мәмлекетлери ушын экологиялық күн тәртиби енди сыртқы басым емес, ал ишки зәрүрликке айланбақта. Бул жүдә әҳмийетли өзгерис. Себеби, сыртқы басым тийкарында қабыл етилген қарарлар көп жағдайларда формал характерде болады. Ишки мүтәжлик болса ҳақыйқый реформаларды хошаметлейди.

Бирақ бул процессте теңсалмақлылықты сақлаў жүдә әҳмийетли. Себеби экологиялық реформалар экономикалық өсиўди төменлетиўи, айырым тармақларға унамсыз тәсир көрсетиўи мүмкин. Соның ушын "жасыл өтиў" сиясатын әмелге асырыўда социаллық қорғаў механизмлери, бизнес ушын қоллап-қуўатлаў илажлары ҳәм басқышпа-басқышлық принципи айрықша әҳмийетке ийе.

Астана саммити тек ғана машқалаларды анықлаў емес, ал оларды шешиў бойынша анық бағдарларды белгилеп берди. Бул бағдарлар арасында ең әҳмийетлиси интеграцияны тереңлестириў болып есапланады. Себеби экологиялық машқалалар миллий шегараларды тән алмайды. Демек, оларды шешиў ушын да миллий емес, регионаллық қатнас талап етиледи.

Ең әҳмийетлиси, бул процесс жаңа Өзбекстан сыртқы сиясатының мазмун-мәнисин және бир мәрте көрсетти. Яғный ашық-айдынлық, прагматизм ҳәм конструктивлик бирге ислесиўге тийкарланған қатнас тек ғана миллий мәплерди алға қойыў емес, ал улыўма регионаллық мәплерди қәлиплестириўге де хызмет етпекте.

Егер бул басламалар избе-из ҳәм системалы түрде әмелге асырылса, Орайлық Азия тек ғана экологиялық машқалаларды шешиўде емес, ал "жасыл экономика"ны раўажландырыўда да глобал көлемде әҳмийетли орын ийелеўи мүмкин. Бул болса, өз гезегинде, регионның халықаралық абырайын арттырыў, инвестицияларды тартыў ҳәм халықтың абаданлығын арттырыўға хызмет етеди.

Усы мәниде Астана саммитиниң нәтийжелерин тек ғана ҳүжжетлер ямаса билдириўлер менен өлшеў дурыс емес. Оның ҳақыйқый әҳмийети жаңа пикирлеў усылы, жаңа қатнас ҳәм ең әҳмийетлиси, жаңа имканиятлар есигин ашқанында көринеди.

Ойбек ҚОШБОҚОВ,

Парламент изертлеўлери институты бөлим баслығы