"Манас" халықаралық аэропортында мәмлекетимиз басшысын Қырғыз
Республикасы Министрлер Кабинетиниң Баслығы - Президент Администрациясының
басшысы Адилбек Қасималиев ҳәм басқа да рәсмий шахслар күтип алды.
Бүгин Өзбекстан Президенти бир қатар еки тәреплеме ушырасыўлар өткереди
ҳәм алтыншы Жер жүзилик көшпелилер ойынларының ашылыў мәресиминде қатнасады.