Ертең, 11-апрель күни Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев әмелий сапар менен мәмлекетимизде болады.
Сапардың бағдарламасында Бухарада жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер өткериў нәзерде тутылған. Өзбекстан менен Қазақстан арасындағы дослық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў мәселелери көрип шығылады. Сиясий сөйлесиў, парламентлераралық, ҳүкиметлераралық ҳәм аймақлараралық байланысларды беккемлеўге айрықша итибар қаратылады.
Сондай-ақ, жетекшилер товар алмасыў көлемин арттырыў, санаат кооперациясын тереңлестириў, транспорт, энергетика, суў-екология тараўларында қоспа жойбар ҳәм бағдарламаларды алға қойыў, мәдений-гуманитарлық алмасыўды жеделлестириў мәселелерин додалады.
Халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе мәселелер бойынша пикир алысылады.
Биргеликте тарийхый естеликлерди зыярат етиў, санаат кәрханаларының жумысы ҳәм товарлар көргизбеси менен танысыў нәзерде тутылған.
Бүгин мәмлекетимиз басшысы Бухара ўәлаятын социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм перспективалы жойбарлар менен танысады.