Бул илаж Шарўашылық ҳәм жайлаў хожалығын раўажландырыў
агентлигиниң ҳәм Франция раўажланыў агентлигиниң жәрдеминде, жойбарды әмелге
асырыў топары, Фермерлер Кеңеси ҳәм бирге ислесиўши банклердиң ўәкиллери
қатнасыўында шөлкемлестирилди.
Семинарды өткериўден тийкарғы мақсет – Қарақалпақстан
Республикасындағы шарўашылық пенен шуғылланып атырған фермерлердиң
қаржыландырыў, жеңиллетилген кредитлер алыў имканиятлары бойынша хабардарлығын
арттырыўдан ибарат.
Семинар даўамында қатнасыўшылар грант ҳәм кредит алыў
ушын арзаларды бийғәрез түрде дурыс таярлаў бойынша әмелий көнликпелерин
раўажландырып, бирге ислесиўши банклердиң ҳәм тараўға байланысы бар
шөлкемлердиң ўәкиллери менен өз-ара пайдалы бирге ислесиўди жолға қойып, пикир
алысты.
Семинар даўамында интерактив ҳәм әмелий сессиялар да
өткерилди. Дәслеп қәнигелер бар қаржыландырыў қураллары, қарыз алыўшыларға
қойылатуғын талаплар ҳәм арза тапсырыў барысында жол қойылатуғын әдеттеги
қәтеликлер бойынша мағлыўмат берди. Сондай-ақ, алдын усы жойбардың жәрдеминде
қаржыландырылып, өзиниң хожалығын раўажландырған фермерлер өзлериниң ерискен
нәтийжелери, тәжирийбелери менен ортақласты.
– Тийкарғы шәрт – жойбар шеңберинде 100 мың евро (сўм
эквивалентинде)ға шекем кредит алған хожалық жүргизиўши субъектлерге жойбар
иске түскеннен кейин алған кредитиниң 40 процентине шекемги болған бөлеги грант
сыпатында қайтарып бериледи, – дейди жойбар координаторы Ж.Норқулов. –
Сондай-ақ, жойбар шеңбериндеги кредитлер 10 жыл мүддетке шекемги узақ мүддетке
(3 жыллық жеңиллетилген дәўир менен) ажыратылмақта.
Семинар даўамында қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған
сораўларға жуўап алды.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан
хабар агентлиги.