Президентимиздиң исбилерменлер менен ашықтан-ашық сөйлесиўи әпиўайы рәсмий мәжилис емес, ал бизнес орталығындағы машқалаларды тиккелей тыңлаў, жедел қарар қабыл етиў ҳәм экономикалық реформаларды "орынлардағы талап" тийкарында қәлиплестириў механизмине айланды.

Биринши ашықтан-ашық сөйлесиў пандемиядан кейинги аўыр экономикалық шараятта өткерилди. Сол дәўирде исбилерменлерден 15 мыңнан аслам мүрәжат келип түскени бизнесте жыйналып қалған системалы машқалалар қаншелли үлкен екенин көрсеткен еди. Ең әҳмийетлиси, мәмлекетимиз басшысы биринши мәрте исбилерменлерди "экономиканың локомотиви" сыпатында баҳалап, олар менен тиккелей сөйлесиў әмелиятын енгизди. Бул болса мәмлекетлик уйымлар ҳәм бизнес арасындағы қатнасықты түп-тийкарынан өзгертип жиберди. Бурын исбилермен тийкарынан қадағалаў объекти сыпатында көрилген болса, енди ол экономикалық өсиўдиң тийкарғы драйверине айланды.

2021-жылғы сөйлесиўде кредит мүддетлери, жоқары процентлер, валюта қәўип-қәтерлери, артықша тексериўлер ҳәм лицензиялаў системасы сыяқлы әҳмийетли мәселелер көтерилди. Нәтийжеде банк капиталын арттырыў, жеке меншик банклерге кең имканият бериў ҳәм халықаралық финанслық ресурсларды тартыў бойынша жаңа механизмлер ислеп шығылды.

2022-жылға келип ашықтан-ашық сөйлесиўлер әллеқашан экономикалық сиясатты белгилейтуғын әҳмийетли майданға айланды. Сол жылғы ушырасыўда бизнести микро, киши ҳәм орта категорияларға бөлиў системасы енгизилди. Бул қарар экономиканы "бирдей көзқарас" тийкарында басқарыўдан ўаз кешип, исбилерменлердиң имканияты ҳәм талабына қарап ислесиў системасына өтиўдиң басланыўы болды.

Әсиресе, микро бизнес ушын бирден-бир 4 процентли айланыс салығының енгизилиўи, ҚҚС ставкасының 12 процентке түсирилиўи ҳәм 2 триллион сумлық салық қарыздарлықларының бийкар етилиўи исбилерменлер ушын үлкен жеңиллик болды.

Бул өзгерислер санларда да айқын көринди. 2022-жылы экспорт етиўши кәрханалардың саны 7500 ге жетти. Улыўма экспорт көлеми болса 30 процентке артты. Бул болса бизнеске берилген еркинлик ҳәм финанслық жеңилликлер экономикалық белсендиликти күшейткенин көрсетеди.

2023-жылғы ашықтан-ашық сөйлесиў исбилерменлик сиясатында жаңа басқышты баслап берди. Президентимиз биринши мәрте "жаңа Өзбекстанда жаңа исбилерменлер класы қәлиплести", деп исбилерменлердиң жумысына сиясий баҳа берди. Бул дәўирде мәмлекетлик ҳәм бизнес қатнасықларында исеним орталығы сезилерли дәрежеде күшейди. Атап айтқанда, тексериўлер 40 процент қысқарды. Камерал жәриймалар бийкар етилди ҳәм ҚҚСты қайтарыў механизми бираз тезлести.

Ең әҳмийетлиси, 2021-2022-жылларда алға қойылған басламалар реал экономикалық нәтийже бере баслады. Атап айтқанда, еки жылда кәрханалар тәрепинен 25 миллиард долларлық өним экспорт етилип, бурын импорт етилген 10 миллиард долларлық өнимди елимиздиң өзинде ислеп шығарыў жолға қойылды.

2024-жылға келип ашық сөйлесиўлер тек ғана бизнес машқалаларын шешиў емес, ал экономикалық өсиўди хошаметлеўши стратегиялық механизмге айланды. Халықаралық валюта қоры Өзбекстанның жалпы ишки өними биринши мәрте 100 миллиард доллардан артқанын тастыйықлағаны мәмлекет экономикасындағы өзгерислердиң әҳмийетли белгиси болды.

2024-жылғы сөйлесиўде және бир әҳмийетли тенденция бақланды — мәмлекет исбилерменлерди тексериў емес, ал қоллап-қуўатлаў арқалы салық түсимлерин арттырыў мүмкин екенлигин тән алды. Президентимиз "тексерсе — қорқады, қорқса — салық төлейди" деген ески көзқарас өзин ақламағанын атап өтти.

Нәтийжеде "А" ҳәм "Б" - жақсы категорияға киретуғын кәрханалардың саны 91 мыңға көбейди, салық тексериўлери болса еки есеге қысқарды. Соның менен бирге, жеке меншик секторда 5 миллион сумнан жоқары мийнет ҳақы алатуғынлардың саны 1 миллионнан асты.

2025-жылғы ашық сөйлесиў болса санлы экономика ҳәм "саялы" экономиканы қысқартыўға қаратылған жаңа басқышты баслап берди. Президентимиздиң атап өткениндей, соңғы сегиз жылда экономикаға 230 миллиард доллар инвестиция тартылған болып, соннан 120 миллиардтан асламы сырт ел инвестициясы болып есапланады. 2025-жылы экономика 7,7 процентке өскени де реформалардың нәтийжесин көрсетти.

Ең дыққатқа ылайық тәрепи - ашықтан-ашық сөйлесиўлер енди тек ғана машқала тыңлаў майданы емес, ал санлы мәмлекет ҳәм санлы бизнес экосистемасын қәлиплестириў платформасына айланбақта. Мәселен, 2030-жылға шекем жеке тәртиптеги исбилерменлер ҳәм өзин-өзи бәнт еткенлер ушын арнаўлы ҳуқықый режим енгизилиўи, электрон платформалар арқалы хызмет көрсетиў ҳәм универсал QR код системасын иске қосыў режелестирилди.

Итибарлы тәрепи, 2021-жылдан берли исбилерменлер алға қойған дерлик 1000 баслама нызам ҳәм қарарларда өз көринисин тапты. Бул болса ашық сөйлесиўлер рәсмий илаж емес, ал мәмлекетлик қарарларды қабыл етиўдиң әмелий механизмине айланғанын аңлатады.

Кейинги бес жылдағы ашық сөйлесиўлер Өзбекстанда мәмлекет ҳәм бизнес қатнасықларын пүткиллей жаңа басқышқа алып шықты. Исбилермен енди тек ғана салық төлеўши емес, ал экономикалық сиясатты қәлиплестириўде қатнасатуғын әҳмийетли субъект. Ең әҳмийетлиси, бул сөйлесиўлер экономиканы кабинетлерде емес, ал реал базар талапларынан келип шыққан ҳалда басқарыў мүмкин екенлигин көрсетти.

Жамшид ШАРИПОВ,

“Раўажланыў стратегиясы” орайы бөлим баслығы