Атап айтқанда, енди ҳәр бир министр, тармақ ҳәм банк басшысы, сондай-ақ, ҳәкимлер жеке өзи үлги болып, хызметкерлердиң спорт пенен турақлы шуғылланыўы ушын шараят жаратыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Ҳәптеде бир күнди "спорт күни" деп белгилеў, шөлкемлерде турақлы шынығыўлар өткериў, спорт инфраструктурасы болмаған жағдайларда болса федерациялар ҳәм спорт мәкемелери менен бирге ислесиўди жолға қойыў сыяқлы ўазыйпалар бул бағдардағы жумысларды системаластырыўға хызмет етеди.

Сондай-ақ, ҳәр бир шөлкемде спорттың кеминде 4 түри бойынша жарысларды өткериў, жеңимпазларды хошаметлеў және министрликлер, уйымлар ҳәм ҳәкимликлер арасында республика көлеминде жарысларды шөлкемлестириў арқалы саламат бәсеки орталығын қәлиплестириў нәзерде тутылмақта.

Айрықша итибарға ылайық тәрепи жеке меншик секторда да ғалабалық спортты қоллап-қуўатлаў ушын экономикалық хошаметлеў механизмлери енгизилип атырғаны болып есапланады. Яғный, исбилерменлердиң спорт имаратларын қурыў ҳәм үскенелеў ушын жумсалған қаржылары салық базасидан шығарылыўы, тартылған тренерлер ушын салық жүгиниң кескин азайтылыўы бул тараўда жеке меншик сектордың белсендилигин арттырыўға тийкар жаратады.

Жаңа системаның және бир әҳмийетли тәрепи "мәҳәлле - мектеп - спорт мәкемеси - федерация" шынжыры тийкарында халықты спортқа тартыў ҳәм қәбилетли жасларды таңлап алыўдың нәтийжели механизми енгизилгени болып есапланады. Бул арқалы орынларда спортты раўажландырыў, инфраструктурадан нәтийжели пайдаланыў ҳәм қәбилетли спортшыларды ерте анықлаў имканияты кеңейеди.

Соның менен бирге, спорт билимлендириўинде дуал оқытыў системасын кеңнен енгизиў арқалы студентлерди әмелият пенен тығыз байланыстырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Енди студентлер тек ғана теориялық билим алмай, ал мектеп ҳәм мәҳәллелерде дөгереклер ашып, тренерлик көнликпесин де қәлиплестиреди. Бул болса олардың келешекте бәсекиге шыдамлы қәниге болып жетилисиўинде әҳмийетли фактор болады.

Мәжилисте жоқары билимлендириў мәкемелеринде спорт бағдарындағы жумыслар жетерли дәрежеде емеслиги, федерациялар менен бирге ислесиў ҳәм қәбилетли студентлерге индивидуал тренер бириктириў мәселелеринде кемшиликлер бар екенлиги айрықша атап өтилди. Айырым жоқары оқыў орынларында бул бағдарда унамлы тәжирийбелер бар болса да, бир қатар мәкемелерде студентлердиң физикалық таярлығы көрсеткиши төмен екенлиги сынға алынды.

Усы мүнәсибет пенен барлық жоқары билимлендириў мәкемелерине алдынғы тәжирийбелерди енгизиў, спортты раўажландырыў бойынша анық ҳәм мәнзилли режелер ислеп шығыў ўазыйпасы жүкленди. Бул болса ҳәр бир жоқары оқыў орнынан системалы қатнас, жуўапкершилик ҳәм әмелий нәтийжелерди талап етеди.

Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институтында да студентлер арасында спортты ғалаба ен жайдырыў, физикалық белсендиликти арттырыў ҳәм саламат турмыс тәризин қәлиплестириў бағдарында бир қатар әмелий жумыслар әмелге асырылмақта.

Соның ишинде, институттың спорт комплексинде мини футбол, волейбол, баскетбол, стол тенниси, шахмат ҳәм шашка бойынша турақлы шынығыўлар шөлкемлестирилген. Еки спорт залы, ашық майданшалар, заманагөй инвентарлар ҳәм бокс ринги студентлердиң ықтыярында. Сондай-ақ, 16 түрдеги үскенелер менен тәмийинленген тренажёр залы жаслардың шынығыўына хызмет етпекте. Жүзиў бассейни де бар. Ол студентлер менен бирге, институт әтирапындағы мәҳәллелердиң халқына хызмет көрсетпекте.

Институт волейбол, стол тенниси, шахмат ҳәм баскетбол федерациялары менен бирге ислесиў меморандумларына қол қойған, биргеликтеги жарыс ҳәм спорт илажларын турақлы өткерип келмекте. Ҳәзир 20 студент спорт разрядына ийе. Жылдың ақырына шекем бул көрсеткишти және де арттырыў режелестирилген.

Мырза Улығбек районы ҳәкимлиги менен биргеликте мәҳәлле жаслары арасында спортқа қызығыўшылықты арттырыў, ул-қызлардың бос ўақтын мазмунлы шөлкемлестириў мақсетинде "Ректор кубоги" спорт жарыслары өткерилди. Жарысларда институтқа жақын жайласқан 20 дан аслам мәҳәлледе жасайтуғын 300 ден аслам жас мини футбол, волейбол, стол тенниси, шахмат, шашка, жүзиў бойынша беллести.

"Саламат турмыс - саламат миллет" сүрени астында "5000 қәдем" жүриў акциясы дәстүрий түрде шөлкемлестирилмекте. Жүриў процеси көтериңки руўх, тилеклеслик ҳәм саламат турмыс тәризине қызығыўшылық орталығында өтип, қатнасыўшылар тек ғана физикалық белсендиликти арттырыў емес, ал өз-ара байланыс ҳәм жәмәәтликти беккемлеў имканиятына да ийе болмақта.

Усыныслары тийкарында студентлерди спорт үскенелери ҳәм формалар менен тәмийинлеў илажы көрилди. Атап айтқанда, оларға спорттың 8 түри бойынша зәрүр үскенелер ҳәм кийимлер тапсырылды.

2025/2026-оқыў жылы даўамында "Бес баслама олимпиадасы", "Студентлер лигасы", "Ректор кубоги", "ӨзМСИ олимпиадасы" сыяқлы 20 ға шамалас спорт жарысы шөлкемлестирилип, оларға 1500 ден аслам студент қамтып алынды. Ҳәзирги ўақытта "Жаңа Өзбекстан студентлер олимпиадасы"ның институт басқышы даўам етпекте. Сондай-ақ, "Студентлер лигасы"ның аймақлық басқышында да жүзлеген студентлер белсене қатнаспақта.

Буннан тысқары, мәжилисте белгилеп берилген ўазыйпалардан келип шығып, институтта ҳәптелик "спорт күни"н енгизиў, студентлерди ғалабалық спортқа және де кеңнен тартыў, спорт дөгереклериниң санын көбейтиў бойынша анық илажлар ислеп шығыўды режелестирдик.

Әлбетте, соңғы жылларда спорт тараўында үлкен жумыслар исленди ҳәм соған сәйкес түрде спортшыларымыз дүнья спорт ареналарында тарийхый жеңислерди қолға киргизбекте. Қалалардан баслап ең шетки аўылларда да зәрүр спорт инфраструктурасы жаратылып атырғаны есабынан спорт пенен турақлы шуғылланатуғын ўатанласларымыздың қамтып алыныўы артып бармақта.

Бирақ, мәмлекетимиз басшысы атап өткениндей, бүгинги нәтийжелер менен шекленип қалыў мүмкин емес. Имканиятлардан толық пайдаланыў, ҳәр бир аймақ ҳәм билимлендириў мәкемесинде нәтийжелиликти тәмийинлеў әҳмийетли ўазыйпа болып қалмақта.

Институт жәмәәти алдында спортты және де ғалаба ен жайдырыў, ҳәр бир студентти физикалық белсендиликке тартыў, инфраструктурадан нәтийжели пайдаланыў ҳәм нәтийжелиликти арттырыў бойынша және де үлкен ўазыйпалар тур. Соның ушын, келешекте спортты билимлендириў процеси менен тығыз байланыстырыў, студентлердиң саламат турмыс тәризине қызығыўшылығын арттырыў ҳәм оларды физикалық жақтан бәркамал әўлад сыпатында тәрбиялаў тийкарғы бағдарларымыздың бири болып қалады.

Атап айтқанда, енди тек ғана спорт жарысларының шөлкемлестириўшисине емес, ал тиккелей қатнасыўшысына айланып, усы жарысларда белсене қатнасыўды мақсет еткенбиз. Хызметкерлер арасында да турақлы түрде түрли спорт жарысларын шөлкемлестириў режелестирилмекте.

Мәжилисте жоқары оқыў орны ректорларына Термиз мәмлекетлик университети тәжирийбесин үйрениў ҳәм спорт тараўы бойынша бир жыллық реже ислеп шығыў тапсырылды. Биз де бул бағдарда жетискенликлерге ерисип атырған усы жоқары оқыў орны, сондай-ақ, басқа да жоқары билимлендириў мәкемелери ҳәм жәҳән тәжирийбесин үйренип, ең нәтийжели нәтийже берип атырған қатнасларды институтымызда енгизиўди мақсет еттик.

Университетимизде, бәринен бурын, дөретиўши инсанларды тәрбиялаймыз. Бирақ, бул спорт бизге жат дегенди билдирмейди. Керисинше, ҳәр бир дөретиўшиниң физикалық жақтан саў, руўхый жақтан тетик болыўы оның дөретиўшилик нәтийжелилигине де тиккелей тәсир етеди. Сонлықтан, биз профессионал спортшыларды жетистирмесе де, саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, жаслардың санасында физикалық белсендиликке умтылыўды күшейтиў, қызығыўшылықты қәлиплестириўди өз алдымызға әҳмийетли ўазыйпа етип қойдық.

Мәмлекетимиз басшысының атап өткениндей, спорт бул тек ғана жарыс емес, ал саламат турмыс тәризи, тәртип, ўатансүйиўшилик ҳәм мәмлекеттиң абырайын көрсететуғын үлкен күш болып есапланады.

Нодирбек САЙФУЛЛАЕВ,

Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм

мәденият институты ректоры,

профессор