Мәмлекетимиз басшысын өмирлик жолдасы менен Президент Ли Чжэ Мён ҳәм өмирлик жолдасы күтип алды.

Жоқары мәртебели мийман ҳүрметине Ҳүрметли қараўыл сап тартты. Еки мәмлекеттиң мәмлекетлик гимнлери жаңлады. Президентлер қараўыл қатары алдынан өтип, рәсмий делегациялар ағзаларын қутлықлады.

Буннан соң мәмлекетимиз басшысы "Чонг Ва Дэ" сарайының Ҳүрметли мийманлар китабына қолтаңба қалдырды.

Биргеликте сүўретке түсиўден соң жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер басланды.