Илажда, Хожели районы ҳәкимлигиниӊ ўәкили ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Бәсекиликти раўажландырыў ҳәм тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў комитети баслығының орынбасары А.Юсупов қатнасып, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, бәсеки нызамшылығы, реклама тараўы, мәмлекетлик сатып алыўларда қатнасыў имканиятлары ҳәм бизнес жүргизиў ушын жаратылған шараятлар бойынша түсиниклер берилди.

Ашық сәўбетлесиў даўамында исбилерменлер тәрепинен саўда орнын ажыратыў, банк хызметлери ҳәм басқа да мәселелер бойынша мүрәжатлар билдирилди.

Барлық мүрәжатлар нызамшылық талаплары тийкарында көрип шығылып, қтнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.