Бүгин тарийхый басқышта турмыз. Мәмлекетимиз раўажланыўының жаңа дәўиринде тек ғана экономика ямаса технология менен емес, ал инсан капиталы, әсиресе, жас әўладтың дүньяқарасы, ерк-ықрары ҳәм руўхый-социаллық потенциалы шешиўши факторға айланбақта.

Президентимиздиң Олий Мажлис ҳәм халқымызға Мүрәжатында "Төртинши санаат революциясы орайы"н шөлкемлестириў басламасы алға қойылды. Бул тек ғана жаңа мәкеме емес, ал мәмлекетимиз раўажланыўының жаңа логикасы.

Бир сораў туўылады: төртинши санаат революциясына әпиўайы, ески тәрбия усыллары менен кирип барыў мүмкин бе? Мениңше, жоқ. Себеби бул процесс шийки заттан инновацияға, билимнен компетенцияға өтиўди, әпиўайы атқарыўшыдан интакер шахсқа айланыўды талап етеди. Сондай-ақ, "тәлим-тәрбия - илим - өндирис"ти бирден-бир шынжырға жалғаўды талап етеди.

Ең әҳмийетли тәрепи сонда, төртинши санаат революциясы заводтан емес, инсан ой-пикиринен басланады. Егер пикирлеў жаңаланбаса, технология да күтилген нәтийжени бермейди. Төртинши санаат революциясы, бәринен бурын, миллет дүньяқарасының өзгериўинен басланады. Ол жаслардан тек ғана билимди емес, ал исбилерменлик компетенциясы, баслама, еркин қарар қабыл етиў қәбилетин талап етеди. Усы көзқарастан, Президентимиздиң қарары менен шөлкемлестирилген Қори Ниязий атындағы Тәрбия педагогикасы миллий институтында бизнес педагогикасы сыяқлы жаңа пән бағдарына тийкар салынғаны бийкарға емес.

Келиң, ашық тән алайық: бүгин дүньядағы алдынғы мәмлекетлер бул шекти бийкарға ийелеген жоқ. Олар тәрбияны, билимлендириўди, инновацияны ҳәм инсан потенциалын бир системаға айландырғаны ушын оған ерискен.

Инновация тек ғана технология емес, ал тәрбияны система сыпатында қайта қурыў. Яғный жаслар тәрбиясын тек ғана жаңа гаджетлер, жаңа платформалар ямаса жаңа илажлар менен реформалай алмаймыз. Егер система болмаса, ең жақсы технология да тек форма өзгертеди, мазмун болса сол баяғысы болып қала береди. Усы көзқарастан, "тәрбияның инновациялық методологиясы" дегенде биз төрт тийкарды нәзерде тутамыз: бириншиси - қәдирият, екиншиси - компетенция, үшиншиси - орталық, төртиншиси - өлшем.

Не ушин усы төртлик?

Себеби қәдирият инсанға бағдар береди, инсан нени дурыс, нени надурыс деп биледи? Нызамға, әдилликке, мийнетке, инсанға қалай қарайды? Мине, усының орайында қәдирият турады. Бирақ тек қәдирияттың өзи жетерли ме? Жоқ.

Қәдирият бағдар болса, компетенция - ҳәрекет қуралы. Критикалық пикирлеў, машқаланы шешиў, дәлиллер менен ислеў, пикирлесиў, жәмәәтте ислеў, қарар қабыл етиў - булар қәдириятты турмысқа алып шығатуғын қураллар болып есапланады.

Үшинши таяныш - орталық.

Баланы тек класс бөлмеси тәрбияламайды, оны шаңарақ, қурдаслар, мәҳәлле, медиа, интернет, санлы майдан тәрбиялайды. Демек, тәрбия ҳаққында сөз еткенде, биз бир аудиторияны емес, пүткил тәсир орталығын көриўге мәжбүрмиз.

Төртинши таяныш - өлшем.

Илимде бир әпиўайы қағыйда бар: өлшенбеген нәрсе басқарылмайды.

Бул жерде гәп инсан қәдирин баллға айландырыў ҳаққында емес, тәрбия бағдарламасының нәтийжесин көриў ҳаққында. Компетенцияда, минез-қулықта, жуўапкершиликте қандай өзгерис болғанын анық өлшемлер менен баҳалаў ҳаққында.

Соның ушын төрт сораўға жуўап излеймиз.

Бириншиден, неге глобалласыў шараятында тәрбияға дәстүрий қатнаслар жетерли болмай қалды?

Екиншиден, инновациялық методологияның тийкарғы принциплери қандай болыўы керек?

Үшиншиден, кейс, жойбар, менторлық, сервис-оқыў сыяқлы әмелий инструментлер әмелде қалай ислейди?

Төртиншиден, нәтийжени қандай индикаторлар арқалы көриў ҳәм баҳалаў мүмкин?

Мақсетимиз тәрбия ҳаққында улыўма сөз етиў емес, керисинше, тәрбияны илимий тийкарланған, нәтийжеге бағдарланған, өлшенетуғын ҳәм масштабланатуғын система сыпатында көрсетиў. Тәбийғый сораў туўылады: не ушын инновациялық методология ҳаққында тап ҳәзир сөйлесиўимиз керек? Ақыры тәрбия бурыннан бар ғой! Дурыс, тәрбия ҳәмийше болған. Бирақ бүгинги күн тәрбияға қойып атырған талап пүткиллей басқаша. Егер кешеги усыллар менен бүгинги қурамалы дүньяға жуўап бермекши болсақ, бир қәўип пайда болады: көп ҳәрекет етемиз, аз нәтийже аламыз.

Көз алдыңызға келтириң, жаслар жаңа мәлимлеме дүньясында жасамақта, экономика жаңа компетенцияларды талап етпекте, жәмийетте жаңа қәўиплер пайда болмақта. Бирақ тәрбия болса елеге шекем ески көринисте қалмақта. Бул жерде теңсизлик келип шығады. Соның ушын инновациялық методология тек ғана "жаңалыққа қызығыўшылық" емес, ал заман талабы.

Биринши фактор - санлы орталық. Бул әҳмийетлиликти үш үлкен фактор арқалы түсиндириў мүмкин. Санлы коммуникация орталығының доминантласыўы. Бурын жаслардың мәлимлеме дәреклери тийкарынан шаңарақ, мектеп ҳәм жақын әтирап пенен шекленген еди. Бүгин ше? Бүгин олардың дыққаты, сезимлери, пикири, ҳәтте гейде позициясы да алгоритмлер басқарып атырған мәлимлеме майданында қәлиплеспекте.

Бул жерде ең үлкен машқала неде?

Факт пенен пикир, ҳақыйқат пенен манипуляция, информация менен тәсир арасындағы шегара булдырап кетти. Демек, тәрбияның ең әҳмийетли ўазыйпаларынан бири - жасларда медиа саўатлылық, сын көзқарастан таллаў, мәлимлеме гигиенасы, дәлийлге сүйенген қарарлар қабыл етиў мәдениятын қәлиплестириў болып табылады. Бул ўазыйпаны әпиўайы нәсият пенен шешиўге болмайды. Буның ушын арнаўлы методология керек.

Екинши фактор - экономикалық ҳәм кәсиплик дүньяның компетенцияға тийкарланыўы. Бүгин дүньяда инсаннан тек ғана мағлыўмат емес, әмелий қәбилет талап етилмекте. Машқаланы шешиў, жәмәәтте ислей алыў, баслама көрсетиў, реже дүзиў, нәтийжени баҳалаў - мине, усы сыпатлар шешиўши әҳмийетке ийе болмақта. Егер мектеп ҳәм тәрбия системасы бул компетенцияларды қәлиплестирмесе, не болады? Жуўап анық. Жаслар көп нәрсени биледи, бирақ турмыста қоллай алмайды. Неге? Бул - заманагөй дүньяның ең аўыр парадоксларынан бири. Соның ушын инновациялық методология тәрбияны сөйлеўден орынлаўға, түсиндириўден шынығыўға, еситиўден қатнасыўға алып өтиўи шәрт.

Үшинши фактор - социаллық турақлылық ҳәм руўхый иммунитет мәселеси. Бүгинги глобал орталықта идеологиялық тәсирлер, агрессия, радикал шақырықлар сыяқлы қәўиплер күшейип бармақта. Бундай шараятта жаслардың ишки турақлылығы, нызамға ҳүрмети, әдиллик сезими, адамгершилиги ҳәм социаллық жуўапкершилиги тек ғана жеке пазыйлет емес, ал жәмийет қәўипсизлигиниң бир бөлегине айланады. Демек, тәрбия енди тек жеке жетилисиў мәселеси емес. Ол - мәмлекеттиң турақлы раўажланыў стратегиясының бир бөлеги. Усы үш фактордан келип шығып, бир жуўмаққа келемиз: инновациялық методология тәрбияны жаңа шараятқа бейимлестиреди. Ол мәлимлеме орталығында адаспаўға үйретеди, жаслардың компетенцияға тийкарланған турмысқа таяр ҳәм ең әҳмийетлиси, қәдирияты турақлы пуқара болып қәлиплесиўине жәрдем береди. Енди тийкарғы түсиникке өтейик: "инновациялық методология", дегенде нени нәзерде тутып атырмыз? Көпшилик методология дегенде методлар дизимин түсинеди. Тийкарында болса методология - логика, принцип ҳәм басқарыў цикли. Яғный жумысты қалай қурыў, қалай басқарыў ҳәм қалайынша жетилистириў кереклиги ҳаққындағы системалы көзқарас болып табылады. Усы тийкарда төмендеги анықламаны усыныс етемиз.

Инновациялық методология - тәрбияны нәтийжеге бағдарланған, өлшенетуғын ҳәм өзин-өзи жетилистирип баратуғын системаға айландырыўшы басқарыў формасы. Бул анықламаның орайында бир қатаң қағыйда бар: аўызша тәсирдиң өзи жетерли емес, нәтийже көриниси, өлшениўи, қайсы механизм арқалы қәлиплесиўи анық болыўы керек.

Бул методология әмелде бес басқышлы цикл сыпатында ислейди.

Биринши басқыш - мақсетти анықлаў. Қандай жасларды тәрбияламақшымыз? "Жақсы жас (әўлад) " деген жалпы гәп пенен ис питпейди. Анық профилди белгилеўимиз керек: қәдириятқа садық, жуўапкершиликли, еркин пикирлейтуғын, нызамды ҳүрмет ететуғын, санлы орталықта саналы ҳәрекет ететуғын жас.

Екинши басқыш - диагностика. Реал жағдай қандай? Қайсы тәрепи күшли, қайсы тәрепи әззи? Мәлимлеме гигиенасы қандай? Жәмәәтте ислеў қай дәрежеде? Қарар қабыл етиў мәденияты қандай жағдайда? Диагностикасыз тәрбия - көзди жумып турған ҳалда ҳәрекет етиў менен барабар.

Үшинши басқыш - метод ҳәм орталықты жойбарластырыў. Мине усы жерде әмелият басланады. Кейс, жойбар, менторлик, сервис-оқиў, дебат, симуляция сыяқлы методлар танланади. Бирақ тек ғана метод жетерли емес, ол ислейтуғын орталық, қағыйда, хошамет ҳәм жуўапкершилик системасы да жаратылыўы керек.

Төртинши басқыш - атқарыў ҳәм бақлаў. Бунда илажды өткериўдиң өзи мақсет емес, процесс бақланады, пикир-усыныс жыйналады, қатнасыў, тәртип-интизам, ўазыйпаның орынланыўы, минез-қулық динамикасы талланады.

Бесинши басқыш - өлшеў, анализ ҳәм коррекция. Қайси механизм иследи? Қайсы жерде әззилик бар? Нени жақсылаў керек? Мине усы таллаў кейинги циклди күшейтеди.

Ең әҳмийетли идея сол: тәрбия процесине мақсет → диагностика → жойбар → орынлаў → анализ циклин енгизиў керек. Сонда тәрбия тосыннан исленген илажлар жыйындысы емес, басқарылатуғын системаға айланады.

Көбинесе "инновация" дегенде технология, жасалма интеллект, санластырыў ямаса гаджетлер көз алдымызға келеди. Бирақ тәрбия тараўында инновация буннан да кең түсиник. Инновацияны төрт дәрежеде көриў мүмкин: мақсет, мазмун, методикалық ҳәм басқарыў инновациясы. Егер мониторинг, фидбек, коррекция, жуўапкерлер ҳәм ресурслар анық болмаса, ең жақсы идея да тек жақсы нийет болып қалады.

Мақсет анық, мазмун компетенцияға байланысқан, усыл белсенди, басқарыў болса өлшеўге тийкарланған болса ғана, ҳақыйқый инновациялық тәрбия системасы жүзеге келеди. Бул индикаторлар көп емес, бесеў, бирақ олар жетерли. Олар ҳәр шеректе бир мәрте талланады. Нәтийжеге қарап коррекция киргизиледи.

Енди тийкарғы жуўмақларды бир ноқатқа жыйнайық.

Биринши жуўмақ - тәрбияда технологиядан гөре система әҳмийетли, яғный тәрбия илажлар жыйындысы емес, мақсет, мазмун, усыл ҳәм басқарыўдың өз ара байланысқан механизми.

Екинши жуўмақ - тәрбияны турақлы ететуғын күш - өлшеў → анализ → коррекция цикли. Егер усы мәденият жолға қойылса, тәрбия сезимлик тәсир емес, дәлилге тийкарланған басқарыў тараўына айланады.

Үшинши жуўмақ - инновациялық методологияны ҳәрекетлендириўши искерлик. Жаслар еситип емес, тәжирийбе арттырып, қарар қабыл етип, нәтийже жаратып камалға келеди. Енди тәбийғый сораў туўылады: бул методологияның мәмлекетке, жәмийетке, жасларға ҳәм шаңараққа әмелий пайдасы неде? Мәмлекет ҳәм жәмийет ушын биринши пайда - социаллық турақлылық ҳәм исеним беккемленеди. Қәдирият, қарар мәденияты ҳәм жәмәәтлик жуўапкершилик күшейген сайын, агрессия, фейк мәлимлеме тәсири азаяды.

Нызамға ҳүрмет ҳәм пуқаралық санасы артады. Жаслар қарарды "норма - қәдирият - ақыбет" шынжырында қабыл етиўди үйренеди. Инсан капиталы сапа жағынан өседи. Сын көзқарастан пикирлеў, жәмәәтте ислеў, жуўапкершилик, баслама сыяқлы компетенциялар мийнет базары ушын да шексиз әҳмийетке ийе. Реформалардың социаллық таянышы кеңейеди. Нәтийжеге бағдарланған, саналы, проактив жаслар реформаларды тек ғана бақламайды, ал онда қатнасады. Девиант минез-қулық ҳәм социаллық қәўип-қәтерлер азаяды, ерте диагноз, медиа саўатлылық, менторлық ҳәм сервис-жумыс буған хызмет етеди. Волонтёрлық ҳәм жәмийетлик басламалар өседи, жаслар машқаланы көриўши емес, шешим усыныс етиўши күшке айланады. Басқарыўда дәлилге сүйенген қарарлар көбейеди. Тәрбия тараўы есабат бериўден нәтийжели басқарыўға өтеди. Бул методология жасларда қарар қабыл етиў мәдениятын қәлиплестиреди, руўхландырады. Коммуникация ҳәм жәмәәтте ислеўди раўажландырады. Әмелиятқа жақын компетенциялар береди. Санлы иммунитетти күшейтеди. Өзин-өзи басқарыў ҳәм тәртипти беккемлейди. Ең әҳмийетлиси - "мен ислей аламан", деген исенимди қәлиплестиреди.

Шаңарақта мүнәсибет мәденияты жақсыланады. Ата-ана ушын да тәрбияның анық ҳәм заманагөй модели пайда болады. Санлы қәўиплерден қәўетер азаяды. Баланың еркинлиги, исенимлилиги ҳәм жуўапкершилиги артады. Шаңарақ ҳәм жәмәәт ортасында социаллық байланыс күшейеди. Узақ мүддетте болса бул экономикалық турақлылыққа да унамлы тәсир көрсетеди.

Қори Ниязий атындағы Тәрбия педагогикасы миллий институты илимпазларының излениўлери тийкарында "Миллий тәрбия модели" жойбары ислеп шығылды. Бул моделде ўатанға садықлық, исбилерменлик, ерк-ықрар, идеологиялық иммунитет, мийрим-шәпәәт, жуўапкершилик, кеңпейиллик, ҳуқықый мәденият, инновациялық пикирлеў, мийнет сүйгишлик сыяқлы пазыйлетлер раўажландырылады.

Сондай-ақ, XXI әсир компетенциялары - сын көзқарастан, креатив пикирлеў, машқаланы шешиў, коммуникация, топарлық жумыс, санлы саўатлылық, өзин-өзи басқарыў, эмоционаллық интеллект, жетекшилик ҳәм интакерлик - усы модель орайына қойылған.

Миллий тәрбия модели тийкарында бақша - мектеп - кәсип-өнер - ЖОО шынжырында бирден-бир динамикалық тәрбия стандартлары жаратылады. Тәрбияланғанлық дәрежесин баҳалаў механизми қәлиплеседи. Шаңарақ - мектеп - мәҳәлле бирден-бир тәрбия майданына айланады. Жәмийетте саламат руўхый орталық күшейеди.

Бир қатар мәмлекетлер менен илимий-педагогикалық байланыслар орнатылды. Илимий әнжуманлар, симпозиумлар өткерилди. “Milliytarbiya.uz” платформасы иске түсирилди. Демек, гәп тек теория ҳаққында емес, гәп теорияның әмелиятқа шығып болғаны ҳаққында.

Жаңа Өзбекстанды қурыўда жаслар - стратегиялық ресурс. Бирақ ҳәр қандай ресурстың ҳақыйқый баҳасы - оны дурыс ислетиўде. Егер биз жас әўладты тосыннан болатуғын тәсирлердиң ықтыярына таслап қойсақ, имканиятты қолдан беремиз. Керисинше, жаслар тәрбиясын илимий тийкарланған, өлшенетуғын, заманға сай ҳәм руўхый жақтан беккем методология тийкарында қура алсақ, тек ғана жақсы оқыўшыны, жақсы қәнигени емес, ал жаңа Өзбекстанның таянышы болатуғын шахсты тәрбиялай аламыз. Соның ушын бүгин гәп тек ғана жаңа метод ҳаққында емес, миллет келешеги методологиясы ҳаққында болмақта. Тәрбияны системаға айландырсақ, жаслар келешекти күтпейди - оны өзлери қурады. Жаңа Өзбекстанның ертеңги күни бүгин биз қандай методологияны таңлаўымызға байланыслы.

Халбай ИБРАИМОВ,

Қори Ниёзий атындағы Тәрбия педагогикасы миллий институты директоры, педагогика илимлери докторы, академик