Илажда Жоқарғы Кеңес Баслығы Президентимиздиң мектеплерди питкериўши ул-қызларға жоллаған қутлықлаўын оқып еситтирди.

 Сондай-ақ, жасларға аталарша ғамқорлық көрсетип киятырған ҳүрметли Президентимизге, оқыўшыларды камалға келтирип, тәрбиялаған ата-аналарына, оларға билим берген муғаллимлерге миннетдаршылық билдирди.

Атап өтиў орынлы, усы жылы да пүлкил елимиз бойлап «Соңғы қоңыраў» илажлары көтериңки руўхта өткерилмекте. Усындай       қуўанышлы күнде республикамыздағы 721 мектепте «Соңғы қоңыраў» қағылып, олардағы 26 мыңнан аслам оқыўшы-жасларымыз қәдирдан ана мектеплери менен хошласпақта.

 Әлбетте, бул питкериўши жаслар арасынан елимиздиң даңқын дүньяға танытатуғын, ана-Ўатанымызға садықлық пенен хызмет етип, елимиз раўажланыўына мүнәсип үлес қосатуғын жаслар жетилисип шығады.

Бүгинги илаж даўамында соңғы қоңыраў қағылды.