Көшпели қабыллаў даўамында әскерий хызметкерлер,
Қураллы Күшлер ветеранлары ҳәм олардың шаңарақ ағзалары менен ашықтан-ашық ҳәм
қызғын сөйлесиў өткерилди. Пуқаралар тәрепинен билдирилген мүрәжатлар ҳәр
тәреплеме үйренилип, оларды қыйнап киятырған әҳмийетли мәселелер бойынша толық
пикир алысылды.
Атап айтқанда, турақ жай менен тәмийинлеў, пенсия ҳәм
напақа тайынлаў, социаллық қорғаў, бәнтликти тәмийинлеў, денсаўлықты сақлаў,
материаллық жәрдем көрсетиў, жеңиллетилген кредитлер ажыратыў ҳәм басқа да социаллық-ҳуқықый
мәселелер бойынша мүрәжатлар қабыл етилди. Ҳәр бир мүрәжаттың мазмуны терең
үйренилип, пуқаралардың нызамлы мәплерин тәмийинлеў мәселелерине айрықша итибар
қаратылды.
Көшпели қабыллаўда қатнасқан жуўапкер шөлкемлердиң
ўәкиллери тәрепинен ҳәр бир мүрәжат айрықша тәртипте көрип шығылды. Әмелдеги
нызамшылық талаплары тийкарында мүрәжат етиўшилерге толық ҳуқықый түсиниклер
ҳәм усыныслар берилди. Өз шешимин орнында табыўы мүмкин болған мәселелер
бойынша оператив әмелий илажлар көрилди. Қосымша үйрениў ҳәм тийисли шөлкемлер
менен биргеликте шешиўди талап ететуғын мүрәжатлар болса қадағалаўға алынып,
олардың нызамлы ҳәм өз ўақтында орынланыўын тәмийинлеў бойынша жуўапкер
уйымларға анық тапсырмалар берилди.
Илаж даўамында әскерий хызметкерлер ҳәм олардың
шаңарақ ағзаларын социаллық қорғаўды буннан былай да күшейтиў, олардың
ҳуқықлары менен еркинликлерин исенимли қорғаў, мәмлекет тәрепинен жаратылып
атырған имканиятлар менен жеңилликлерден нәтийжели пайдаланыў мәселелери
додалаў орайында болды. Сондай-ақ, халықтың ҳуқықый мәдениятын арттырыў,
мүрәжатлар менен ислесиў системасын жетилистириў ҳәм пуқаралар менен тиккелей
сөйлесиў арқалы орынларда бар машқалаларды шешиў бағдарындағы жумыслардың
нәтийжелилигин арттырыў зәрүрлиги айрықша атап өтилди.
Жуўмақлап айтқанда, бул көшпели қабыллаў әскерий
хызметкерлер, ветеранлар ҳәм олардың шаңарақ ағзаларының ҳуқықлары менен
нызамлы мәплерин исенимли қорғаў, олардың социаллық машқалаларына әмелий шешим
табыў, халық пенен нәтийжели ҳәм системалы сөйлесиўди жолға қойыў бағдарында
әмелге асырылып атырған избе-из жумыслардың және бир әмелий көриниси болды.
Қарақалпақстан
хабар агентлиги.