Ол алдыңғы ҳәм ийгиликли пикирлер ҳәм оларды әмелге асырыў жолындағы умтылыслардың жемиси сыпатында жаратылады. Усы мәнисте, барлық тараўда жүз берип атырған өзгерислер, реформалар тиккелей билим менен байланыслы.

Билимлендириўге итибар, билим алыў имканиятлары, шахсты бәркамал етип тәрбиялаў - булардың барлығы мәмлекеттиң раўажланыўына үлкен үлес болып қосылатуғыны айқын. Оқытыўдың сапасын арттырыў усыллары, нәтийжели бағдарламалар жаратыў ҳәм әмелиятта қолланыўға байланыслы жумыслар системалы түрге енгениниң себеби де сонда. Билим алыў, көнликпе ҳәм шахс раўажланыўының дәслепки басқышының тийкары болса мектеп билимлендириўинде.

Улыўма билим бериў мектеплерин питкериў салтанаты сыяқлы оларға қабыллаў да өзине тән толқынландырыўшы ҳәм жуўапкершиликли процесс. Президент мектеплерине 2026/2027-оқыў жылы ушын ҳүжжетлер қабыллаў 25-майдан 14-июньға шекем әмелге асырылады.

Елимизде жумыс алып барып атырған мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес билимлендириў мәкемелери, Президент, дөретиўшилик ҳәм қәнигелескен мектеплердиң өзине тән тәреплери бар. Бирақ, жақын жылларда шөлкемлестирилгени ушын ба, Президент мектеплери ҳаққында көпшилик дурыслы түсиникке де ийе емес. Айырымларда мектептиң статусы, абырайы, бәринен бурын, атамасы менен байланыслы, деген қәте түсиник бар. Негизинде бундай бир тәреплеме көзқарасларға усы билимлендириў мәкемелеринде билим алып атырған оқыўшылар ерисип атырған жоқары нәтийжелер ең мүнәсип жуўап.

Жоқары мақсетке кирисиў

Мәмлекетимиз басшысының 2019-жыл 20-февральдағы "Президент мектеплерин шөлкемлестириў илажлары ҳаққында"ғы қарарында республикамыздың барлық аймағындағы қәбилетли балаларды анықлаў, билимлендириў процесинде алдынғы технологияларды қолланған ҳалда оларды оқытыў ҳәм тәрбиялаў бойынша бир тутас система жаратыў, қәбилетли жасларды буннан былай да қоллап-қуўатлаў ҳәм хошаметлеў, руўхый жетик, интеллектуаллық жақтан бәркамал әўладты қәлиплестириў нәзерде тутылған. Қарардың орынланыўы шеңберинде елимиздиң барлық аймақларында басқышпа-басқыш усындай типтеги мектеплер шөлкемлестирилди. Ҳәзир Әндижан, Бухара, Гүлистан, Жиззақ, Қаршы, Наўайы, Наманган, Нөкис, Нурафшан, Самарқанд, Ферғана, Хийўа, Термиз ҳәм Ташкентте - жәми 14 Президент мектеби жумыс алып бармақта.

Хош, бул билимлендириў мәкемелериниң басқа мектеплерден айырмашылығы, айтайық, абзаллығы нелерден ибарат?

Әлбетте, Президент мектеплери тек ғана жақсы нийет, қарар, стандарт оқыў бағдарламасы тийкарында шөлкемлестирилмеген. Бир қатар абырайлы шөлкемлер, атап айтқанда, Халықаралық мектеплер кеңеси, “Pearson Edexcel” шөлкеминиң аккредитациясынан табыслы өтип, халықаралық мектеп статусына ерискен. Буннан тысқары, SAT (академиялық баҳалаў тести) халықаралық сертификаты және Cambridge ҳәм “Pearson Edexcel”диң IGCSE, AS ҳәм A Level имтиханларын өткеретуғын рәсмий орайларға айландырылған.

Президент мектеплери мәмлекет тәрепинен толық қаржыландырылып, оған қабыллаў 4-классты айрықша баҳаларға питкерген оқыўшылардың онлайн арза тапсырыўы менен басланады. Соң еки басқышта өткерилетуғын имтихан нәтийжелерине бола ең билимлилер таңлап алынады. Кириў имтиханларының нәтийжесин Кембридж университетиниң қәнигелери тексерип баҳалайды. Кейин ала оқыўға қабыл етилгенлер усы тармақ бағдарламасы тийкарында оқытылады. Атап айтқанда, тәбийғый ҳәм анық пәнлерди терең үйретиў, шет тиллер, инженерлик ҳәм мәлимлеме технологияларын өзлестириў, оқыўшылардың инновациялық идеялары менен қолланбаларын раўажландырыў тийкарғы ўазыйпа етип белгиленген.

Сабақлықларға тийисли пән бойынша әҳмийетли мағлыўматлар топламы сыпатында қараў пүткиллей надурыс. Мектеплерде сабақлықлар системаластырылған билимлер дәреги болып, мәмлекетлик стандартларға сәйкес келиўи керек. Олар оқыўшылардың жасын есапқа алған ҳалда ҳәм өз бетинше, сын көзқарастан таллаў пикирлеўге жәрдемлесетуғын, раўажландыратуғын форма ҳәм мазмунда таярланыўы керек.

Президент мектеплериниң сабақлықлары алдынғы халықаралық тәжирийбе (Cambridge Assessment) тийкарында, STEAM қатнасын қолланған ҳалда қәнигелер тәрепинен ислеп шығылады. Олар сын көзқарастан пикирлеў, инглис тилинде билимлендириў ҳәм әмелий көнликпелерге тийкарланып, үзликсиз билимлендириў бағдарламасы шеңберинде жаңаланып барады, - дейди Қәнигелестирилген билимлендириў мәкемелери агентлигиниң сабақлықлар менен ислесиў бөлиминиң баслығы Сулаймон Назаров.

Сабақлық таярлаўдың бир қатар өзгешеликлери бар. Соның ишинде, халықаралық бағдарламалар, тийкарынан, Кембридж билимлендириў бағдарламасы тийкарында таярланады. STEAM қатнасы дегенде, сабақлықлардың пәнлерди интеграцияласқан ҳалда оқытыўға қаратылғаны түсиниледи. Бул арқалы логикалық ҳәм сын көзқарастан пикирлеў усылы раўажландырылады.

Мине усы жағынан муғаллимлердиң орны ҳәм әҳмийети айрықша. Олар алдыңғы технологияларды әмелиятқа енгизип, билимлендириўди модернизациялаў ўазыйпаларына сәйкес түрде ҳәр бир оқыўшының ишки имканиятларын иске қосады.

Әпиўайы улыўма билим бериў мектеплеринен баслап барлық типтеги билимлендириў мәкемелеринде педагоглар ҳәм сабақлықлар темасы тығыз әҳмийетке ийе. Президент мектеплеринде билимлендириў еки тийкарғы оқыў бағдарламасы тийкарында алып барылады: бириншиси халықаралық Кембридж оқыў бағдарламасы, екиншиси миллий оқыў бағдарламасы. Кембридж бағдарламасы тийкарында оқытылатуғын пәнлер ушын сабақлық ҳәм оқыў материаллары тиккелей Cambridge University Press тәрепинен тәмийинленеди. Бул материаллар халықаралық академиялық стандартларға жуўап береди ҳәм оқыўшылардың сын көзқарастан пикирлеў, таллаў ҳәм еркин қарар қабыл етиў көнликпелерин раўажландырыўға бағдарланған. Миллий оқыў бағдарламасы тийкарында оқытылатуғын пәнлер ушын сабақлықлар болса мәмлекет тәрепинен тастыйықланған ҳәм усыныс етилген оқыў әдебиятлары тийкарында шөлкемлестириледи, дейди Ташкент қаласындағы Президент мектебиниң атқарыўшы директоры ўазыйпасын атқарыўшы Хуморой Аширова. Ҳәзирги ўақытта мектебимизде 38 педагог жумыс алып бармақта. Олардан 27 жергиликли, 11 сырт ел қәнигелери. Сырт елли муғаллимлер ҳәр қыйлы мәмлекетлердеги алдынғы билимлендириў тәжирийбесин мектебимизге алып кирип, халықаралық академиялық орталықты қәлиплестириўге хызмет етпекте. Бул қурам миллий қәдириятлар ҳәм глобал билимлендириў тәжирийбесиниң тең салмақлы үйлесимлилигин тәмийинлейди.

Ҳәзир Президент мектеплери Қәнигелестирилген билимлендириў мәкемелери агентлиги системасына киргизилген. Система билимлендириўдиң мазмуны, басқарыў формасы, халықаралық бағдарламалар интеграциясы ҳәм оқыў орталығының комплексли ислеп шығылғаны менен өзине тән ҳәм сийрек ушырасады.

Агентликтиң мағлыўматларына бола, дүньяда Президент мектеплерине белгили дәрежеде уқсас модельде жумыс алып баратуғын билимлендириў мәкемелери бар. Олар қәбилетли оқыўшыларды таңлаў тийкарында қабыл етиўи, мәмлекет тәрепинен қаржыландырылыўы, заманагөй лабораториялар ҳәм күшли STEM бағдарына ийе екенлиги және халықаралық университетлерге таярлаў имканиятлары менен ажыралып турады. Бундай мектеплерде билимлендириў илимий изертлеў, инновация ҳәм еркин пикирлеўди раўажландырыўға қаратылған. Соның ишинде, Түркияның Fen Liseleri, Қубла Кореяның Science High Schools, Сингапурдың NUS High School of Mathematics and Science, Қазақстанның Nazarbayev Intellectual Schools ҳәм Бирлескен Араб Әмирликлериниң Applied Technology Schools мектеплери мине усындай жоқары статустағы билимлендириў мәкемелери болып есапланады. Басқа мәмлекетлердеги абырайлы мектеплер айырым тәреплери менен биз сөз етип атырған билимлендириў дәргайларына уқсас болса да, толық бирдей емес, яғный Президент мектеплери сыяқлы барлық бағдарды қамтып алған бирден-бир комплексли система емес.

Статусқа мүнәсип нәтийжелер

Президент мектеплериниң Халықаралық мектеплер кеңесине ағза болыўы билимлендириў мәкемесиниң халықаралық дәрежеде тән алынғанынан дәрек береди. Бул усы типтеги мектепте билим алып атырған оқыўшылардың сырт елдеги абырайлы университетлерде оқыў ушын грант утыў имканиятын және де арттырады. Пикиримиздиң дәлили сыпатында сырт ел университетлерине оқыўға толық грант тийкарында қабыл етилип атырған жаслардың қатары жыл сайын артып баратырғанын көрсетиў мүмкин. Мысал ушын, 2023-жылы Наманган қаласындағы Президент мектебиниң питкериўшиси дүнья рейтингинде 4-орында туратуғын Гарвард университетине, 2024-жылы Ташкент қаласындағы Президент мектебиниң питкериўшиси Гарвард ҳәм Принcтон университетлерине 100 процентлик грант тийкарында оқыўға қабыл етилди. 2025-жылы Гүлистан қаласындағы Президент мектеби питкериўшиси Чикаго университетине, Нөкис қаласындағы Президент мектеби питкериўшиси болса Печак лигасына киретуғын Браун университетине грант жеңип алды.

Быйылғы оқыў жылында да Ферғана қаласындағы Президент мектебиниң питкериўшиси Дилафруз Собирова Гарвард университетине 100 процентлик грант тийкарында билим алыў имканиятына ийе болды. Бундай жетискенликлер жылдан-жылға артып бармақта. Олар көп ҳәм бундай умтылыў турақлы даўам етпекте.

Сондай-ақ, Ташкенттеги Президент мектеби “Zayed Sustainability Prize” сыйлығының "Глобал орта мектеплер" номинациясында жеңимпаз болды. Усы мектептиң еки оқыўшысы Паҳлавон Ғуломов ҳәм Асилбек Ашрапов және олардың устазы Соҳибхон Азизовтың жаўын суўын ишимге жарамлы дәрежеге шекем қайта ислеў бойынша жойбары биринши орынға мүнәсип деп табылды. Таңлаўға 156 мәмлекеттен жәми 5980 арза келип түскенин итибарға алсақ, бул жеңистиң салмағы бираз жоқары екенине исеним пайда етемиз.

Президент мектеплери қысқа мүддетте халқымыз, ата-аналар ҳәм оқыўшылардың исеними және итибарына ерисип үлгерди. Жаратылған имканиятлар ҳәм ерисилип атырған жетискенликлер болса оларда оқыўға талабанлардың саны жыл сайын артып барыўына себеп болмақта. Тек ғана Ташкент қаласындағы Президент мектеби мысалында айтсақ, өткен жылғы қабыллаў нәтийжелерине бола, бир орын ушын 108 талабан ҳүжжет тапсырған. Бул болса таңлаў жүдә жоқары дәрежеде екенин ҳәм жәмийетшиликтиң исеними жылдан-жылға беккемленип атырғанын көрсетеди.

Рустам БОЙТЎРА,

“Янги Ўзбекистон” хабаршысы