Елимизде экологиялық турақлылықты тәмийинлеў, турмыслық шығындыларды
қайта ислеў ҳәм полигонларға жүклемени азайтыў бойынша избе-из жумыслар әмелге
асырылмақта. Бул бағдарда заманагөй технологияларды енгизиў, шығындыларды
экономикалық ресурсқа айландырыў ҳәм айланбалы экономика принциплерин кеңнен
қолланыў үлкен әҳмийетке ийе.
Усы мақсетте 2026-2027-жылларда шығындыларды жағыў арқалы электр
энергиясын ислеп шығарыў бойынша 6 инвестициялық жойбарды әмелге асырыў
белгиленген. Олардың улыўма баҳасы 933 миллион долларды қурайды. Жойбарлар
Қытай компаниялары менен биргеликте әмелге асырылмақта.
1-сентябрь жағдайына бола, бул жойбарлар шеңберинде
286,8 миллион доллар инвестиция өзлестирилген. Жергиликли өнимди сатып алыў ҳәм
хызметлерден пайдаланыў 76,6 миллион долларға жеткен. Қурылыс товарларына 2 мың
жергиликли жумысшы тартылған.
Жойбарлар Қашқадәрья, Самарқанд, Ташкент, Әндижан,
Ферғана ҳәм Наманган ўәлаятларында әмелге асырылады. Қашқадәрья ҳәм Самарқандтағы
заводларды 2026-жылы, қалған аймақлардағы қуўатлықларды 2027-жылы иске қосыў
режелестирилген.
Кәрханалар толық иске қосылғаннан соң, жылына 3,6
миллион тонна қатты турмыслық шығынды қайта исленеди ҳәм 1,6 миллиард
киловатт-саат электр энергиясы ислеп шығарылады. Соның менен бирге, “ноль
шығынды” принципине басқышпа-басқыш өтиў, полигонларға жүклемени азайтыў ҳәм
экологиялық жағдайды жақсылаў имканияты кеңейеди.
Презентацияда шығындылардан энергия алыў бойынша
Сингапур, Қубла Корея, Қытай компанияларының және 5 перспективалы инвестициялық
жойбар да көрип шығылды. Олардың улыўма баҳасы 625 миллион доллар болып,
Қарақалпақстан Республикасы, Жиззақ, Сурхандәрья, Бухара ҳәм Хорезм
ўәлаятларында әмелге асырылыўы нәзерде тутылған.
Бул жойбарлар нәтийжесинде жылына 1,9 миллион тонна
қатты турмыслық шығынды қайта исленип, 635 миллион киловатт-саат электр
энергиясы ислеп шығарылады. 500 жаңа жумыс орны жаратылады, 158 миллион куб
метр тәбийий газ үнемленип, парник газлериниң көлеми 316 мың тоннаға
азайтылады.
Жуўапкерлер полигонлар ҳәм шығынды жағыў заводларын
шөлкемлестириў қәрежетлери, жер майданларына талап, бюджет түсимлери ҳәм
экологиялық нәтийжелилик бойынша салыстырмалы таллаўларды усынды. Сырт ел
тәжирийбеси тийкарында шығындыларды қоршаған орталыққа минимал дәрежеде тәсир
көрсеткен ҳалда жағыў ҳәм инвесторлардың миннетлемелери бойынша тийкарғы
шәртлер көрип шығылды.
Мәмлекетимиз басшысы жойбарларды жеделлестириў,
инвесторлар ушын зәрүр инфраструктура ҳәм шөлкемлестириў шараятларын жаратыў,
локализациялаў дәрежесин арттырыў және тараўда маман кадрлар таярлаўға айрықша
итибар қаратыў зәрүрлигин атап өтти.
Бул бағдарда “Green University”, Самарқанд мәмлекетлик
университети ҳәм Қаршы мәмлекетлик университети менен биргеликте шығынды жағыў
заводлары ушын 1 мың қәнигеден ибарат кадрлар резервин қәлиплестириў ўазыйпасы
белгиленди.