Мақсет – бул жарыс арқалы жарыс көзи әззи спортшылар арасында шашка бойынша спорт түрин раўажландырыў, олардың шеберлигин арттырыў ҳәм саламат бәсеки орталығын жаратыўдан ибарат.

Жарыстың сыйлықлаў мәресиминде Өзбекстан Көзи әззилер федерациясының баслығы А.Эргашев, Нөкис қалалық Ишки ислер басқармасының баслығы М.Хожамуратов, Өзбекстан Көзи әззилер жәмийети Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы Қ.Шарапов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Спорт министрлигиниң бөлим баслығы А.Темирбаевлар қатнасты.

Атап өтилгениндей, чемпионат даўамында қатнасыўшылар өз-ара күш сынасып, жоқары таярлық ҳәм стратегиялық пикирлеў көнликпелерин көрсетти. Жарыс қатнасыўшыларына алдағы жарысларда да табыслар тилеп, бундай илажлардың әҳмийети жоқары екенин атап өтти.

Бул чемпионат тек ғана спорт жарысы емес, ал социаллық әҳмийетке де ийе. Ол имканияты шекленген спортшыларды қоллап-қуўатлаў, олардың жәмийеттеги белсендилигин арттырыў ҳәм спорт арқалы жаңа жетискенликлерге ерисиўине тийкар жаратады.

Жарыс жуўмақларына бола, ең күшли қатнасыўшылар анықланып, шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм медальлар менен сыйлықланды.

Сәрбиназ Нарбаева,

МУ журналистика тәлим бағдарының 3-курс студенти,

                                                    Қарақалпақстан хабар агентлиги.