Майыплығы болған шахсларды жумысқа алған исбилерменлерге субсидия ажыратылады

    Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Майыплығы болған шахслардың бәнтлигин тәмийинлеў системасын жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында"ғы Пәрманы (ПП-85-санлы, 08.05.2025 ж.) қабыл етилди.

    Пәрман менен тийкарғы мақсетлер етип төмендегилер белгиленди:

    майыплығы болған шахслардың нәтийжели жумыс ислеўи ушын арнаўлы хызметлер системасын енгизиў;

    майыплығы болған жасларды заманагөй кәсиплерге оқытыў, олардың мийнет базарына кириўи ушын қосымша имканиятлар жаратыў;

    2025-жылдың ақырына шекем 80 мың майыплығы болған шахстың турақлы бәнтлигин ҳәм мүнәсип дәрамат табыўын тәмийинлеў.

    2025-жыл 1-июньнан баслап:

    I ҳәм II топар майыплығы болған шахсларды жумысқа қабыл еткен исбилерменлик субектлерине 50 миллион сумға шекем субсидия ажыратылады;

    субсидия сурдоаўдармашы, психолог ҳәм жолдаслық хызметин шөлкемлестириў қәрежетлерин қаплаў ушын ажыратылады;

    физикалық тәреплерге жолдаслық хызметин өзин-өзи бәнт еткен шахс сыпатында көрсетиўге рухсат бериледи.

    Сондай-ақ, "Бирден-бир миллий социаллық қорғаў" мәлимлеме системасында Мийнетке жарамлы майыплығы болған шахслардың электрон реестри жүргизиледи.

    No date selected
    July 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates