Кёнсанбук-до Корея Республикасының арқа-шығысындағы ири санаат регионы болып есапланады. Оның қурамына 22 қала ҳәм район киреди. Ўәлаят экономикасы машина қурылысы, электроника, кемесазлық, аўыл хожалығы ҳәм туризм тараўларында жедел раўажланбақта. Мине усы провинцияның кәрханалары Өзбекстаннан Е-7 категориялы виза - маман жумысшы визасы бойынша жас қәнигелерди жумысқа қабыл етиўге таяр.
Ушырасыў жуўмағында тәреплер Өзбекстанда кадрлар таярлаў ҳәм кейин ала питкериўшилерди Кёнсанбук-до кәрханаларына жумысқа жайластырыў бойынша келисип алды. Жойбар сырт ел қәнигелерин, соның ишинде, Өзбекстан пуқараларын тартыўға қаратылған Е-7 визалары бойынша регионаллық бағдарлама шеңберинде әмелге асырылмақта.
Ярымөткизгишлер санааты, азық-аўқат санааты, тоқымашылық, биотехнологиялар, жасалма интеллект, робототехника, перспективалы мобил технологиялар ҳәм энергетика сыяқлы бағдарларда билим алған питкериўшилер ҳәм студентлерге айрықша итибар қаратылмақта. Оқыў тамамланғаннан соң оларға Е-7 визасын алыў, Корея Республикасына кириў ҳәм жумысқа рәсмийлестириўдиң әпиўайыластырылған тәртиби бериледи.
Бағдарламада қатнасыў ушын төмендеги категориядағы талабанлар нәзерде тутылған: бакалавр ямаса магистр дипломы ҳәм кеминде бир жыллық жумыс стажына ийе болғанлар; диплом ҳәм TOPIK 2-дәрежели ямаса KIIP сертификатына ийе болған питкериўшилер; көрсетилген бағдарлар бойынша рәсмий үш жыллық стажға ҳәм TOPIK 3-дәрежели сертификатқа ийе болған қәнигелер; сондай-ақ, зәрүр қәнигеликлер бойынша оқыўды жуўмақлайтуғын ҳәм TOPIK 2-дәрежели ямаса KIIP сертификатына ийе болған питкериўшилер.
Сөйлесиўлер ўақтында тек ғана жумысқа орналастырыў шәртлери емес, ал қосымша қоллап-қуўатлаў илажлары да додаланды. Тәреплер өзбекстанлылар ушын арнаўлы оқыў курсларын шөлкемлестириў, жумыс бериўшилер менен тиккелей шәртнамалар системасын енгизиў ҳәм виза тәртип-қағыйдаларын әпиўайыластырыўға келисип алды.
Ушырасыў жуўмағында Кёнсанбук-до провинциясы, Өзбекстан Республикасы Миграция агентлиги ҳәм Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги арасында бирге ислесиў ҳаққында үш тәреплеме келисимге қол қойылды. Ҳүжжетте Қубла Кореядағы кәрханаларда маман қәнигелер таярлаў ҳәм оларды жумыс пенен тәмийинлеў нәзерде тутылған.








