Дилором Турдиқулова ҳәм Гүлистан Пердибаева FIE тәрепинен сыйлықланды
Халықаралық қылышласыў федерациясы (FIE) жылдың жуўмақларын шығарып, усы спорт түриниң ең жақсы ўәкиллерин анықлады. Бул дизимге Өзбекстанның еки ўәкили де киргенин атап өтиў қуўанышлы. Белгили төреши Дилором Турдиқулова шпага бойынша дүньяның ең жақсы төрешилери үшлигинен орын алды. Сабля бойынша жаслар арасында дүнья рейтингиниң жетекшиси, Өзбекстан сайланды командасының ўәкили Гүлистан Пердибаева болса өз бағдары бойынша жылдың ең жақсы спортшысы, деп табылды.
Таэквондошыларымыз «Albania Open» турниринде 15 медалға ийе болды.
Тиран қаласында таэквондо WT бойынша G1 категориясындағы «Albania Open» турнири болып өтти.
Өзбекстан сайланды командасы бул жарыста оғада табыслы қатнасып, 10 алтын, 1 гүмис ҳәм 4 бронза, жәми 15 медалды қолға киргизди. Усындай нәтийже себепли спортшыларымыз улыўма командалық есапта биринши орынды ийеледи. Бул турнирде қатнасыў сайланды командамыздың жәҳән чемпионаты алдынан қандай таярлық көрип атырғанын билиў имканиятын берди.
Волейбол бойынша Өзбекстан ҳаял-қызлар сайланды командасы халықаралық турнирдиң гүмис медаль ийеси болды.
Ташкент Олимпиада қалашасында CAVA Women’s Volleyball Championship 2025 турнири болып өтти. Финалда Өзбекстан сайланды командасы Иран сайланды командасы менен ушырасты. Ойын жуўмағында мийманлар жеңиске ерисип, волейболшыларымыз гүмис медалға ийе болды.









