Баҳрейн-2025 Азия жаслар ойынларының жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелерин сыйлықлаў

Бүгин Өзбекстан Миллий Олимпиада комитетинде "Баҳрейн-2025" жас өспиримлер Азия ойынларының жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери ҳәм олардың тренерлерин сыйлықлаў мәресими болып өтеди. 22-21-октябрь күнлери болып өткен жарыс жуўмағында Өзбекстан делегациясы 37 алтын, 16 гүмис ҳәм 28 бронза медалын қолға киргизип, улыўма командалық есапта Қытайдан кейин екинши орынды ийеледи.

Янник Синнер "Мастерс" сериясының соңғы турниринде жеңимпаз болды

Парижде теннис бойынша "Мастерс" сериясының усы жылғы соңғы жарысы өз жуўмағына жетти. Еркеклер арасындағы финалда италиялы Янник Синнер ҳәм канадалы Феликс Оже-Альяссим ушырасты. Еки сет даўам еткен беллесиўде Синнер 6:4, 7:6 есабында жеңиске еристи ҳәм жарыстың бас сыйлығын қолға киргизди.