Илимий кеңес ағзалары, бирге ислесиўши шөлкемлердиң ўәкиллери ҳәм экспертлер қатнасыўында өткерилген баспасөз әнжуманында тийисли мағлыўматлар берилди.

Атап өтилгениндей, орай әллеқашан кең жәмийетшилик ушын ашық болып, ҳәр күни, дем алыс күнлерисиз саат 09:00 ден 22:00 ге шекем жумыс алып барады.

Сапар етиў системасы халықаралық музей стандартларын есапқа алған ҳалда ислеп шығылған болып, Өзбекстан пуқаралары, сырт елли мийманлар ҳәм балалар ушын дифференцияласқан билет категорияларын нәзерде тутады.

Билетлердиң баҳасына комплексли мәдений-ағартыўшылық тәжирийбе: көп тилли гидлер менен бирге жүриў, экспозициялар, интерактив зоналар ҳәм мультимедиа инсталляцияларынан пайдаланыў киргизилген.

Тийкарғы объектлер қатарында миллионнан аслам Swarovski кристалларынан пайдаланылған архитектуралық мэппингке ийе Қуран залы, сондай-ақ, түрли тарийхый дәўирлер менен танысыў имканиятын беретуғын иммерсив "ўақыт капсулалары" бар.

Кириў баҳасы:

Өзбекстан пуқаралары ушын:

топарлық саяхатлар:

  • үлкенлер ушын билет - 60 000 сўм,
  • балалар (7-17 жас) - 25 000 сум;

жеке тәртипте барыў (күн даўамында):

  • үлкенлер ушын - 120 000 сум;
  • балалар ушын - 50 000 сум.

Сырт ел пуқаралары ушын:

топарлық саяхатлар:

  • үлкенлер - 25 АҚШ долларынан баслап (+ қосымша хызметлер),
  • балалар ушын - 20 АҚШ долларынан;

жеке тәртипте барыў - 45 АҚШ доллардан баслап.

Сондай-ақ, үстем кириўге ийе Fast Track жедел кириў форматы да нәзерде тутылған.

Билетлерди iTicket.uz платформасы арқалы онлайн түрде де, комплекс аймағындағы кассаларда да сатыў мүмкин.

Келиўшилерге қолайлық жаратыў мақсетинде мийманлар ағымын бир тегис бөлистириў ҳәм гезеклердиң алдын алыў имканиятын беретуғын "ўақытша слотлар" системасы енгизилген. Экскурсиялар өзбек, рус ҳәм инглис тиллеринде алып барылады.

Буннан тысқары, билимлендириў ҳәм социаллық бағдарламалар, соның ишинде, айырым категориядағы пуқаралар ушын жеңиллетилген ҳәм бийпул кириў ислеп шығылмақта. Орайдың китапханасына кириў бийпул болады.

Орай тарийхый мийрас, илим жетискенликлери ҳәм инновациялық технологияларды өзинде жәмлеген заманагөй мәдений мәкан сыпатында мөлшерленген.