Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Энергетика министрлиги хабар берди.

Компенсация муғдары:

электр энергиясы - базалық нормадан артықша айына 150 кВт саатқа шекем (200 кВт сааттан артық);

тәбийғый газ - қыс айларында белгиленген базалық нормадан артық пайдаланылған көлем ушын 250 куб метрге шекем, қалған айларда 150 куб метрге шекем.

Алдын компенсация тек қыс мәўсиминде төленетуғын еди. Енди ол жыл даўамында ҳәр айда бериледи.

2025-жыл 1-майдан 2027-жыл 1-апрельге шекем белгиленген категориядағы жәрдемге мүтәж шаңарақлар ушын төлемлер нәзерде тутылған.