баннер
2 Mar 2025
18:51

    Нөкис мәмлекетлик техника университети шөлкемлестириледи

    Наўайы мәмлекетлик кәншилик ҳәм технологиялар университети жанындағы Нөкис кәншилик институты ҳәм Ташкент мәлимлеме технологиялары университети Нөкис филиалы негизинде Нөкис мәмлекетлик техника университети шөлкемлестириледи.

    "Нөкис мәмлекетлик техника университетин шөлкемлестириў ҳаққында"ғы Президент қарары (ПҚ-25-санлы, 24.01.2025-ж.) қабыл етилди.

    Қарарға бола, Наўайы мәмлекетлик кәншилик ҳәм технологиялар университети жанындағы Нөкис кәншилик институты ҳәм Ташкент мәлимлеме технологиялары университети Нөкис филиалы негизинде Нөкис мәмлекетлик техника университети шөлкемлестириледи.

    Санаат, техника-технология, инженерлик тараўлары ушын жоқары мағлыўматлы қәнигелер ҳәм илимий-педагогикалық кадрлар таярлаў, қайта таярлаў және олардың маманлығын арттырыў Университеттиң тийкарғы ўазыйпаларынан бири етип белгиленди.

    Университетте алдыңғы инженерлик мектеби жумысы шөлкемлестириледи.

    2025/2026-оқыў жылына шекем Университетте тәжирийбе-өндирис ("спин-офф") кәрханасы шөлкемлестириледи.

    2025/2026-оқыў жылынан:

    Университет студентлериниң пәнлерди өзлестириў көрсеткишин ҳәм профессор-оқытыўшылардың жумыс нәтийжелилигин халықаралық тәжирийбелер тийкарында баҳалаў системасы енгизиледи.

    Әмиўдәрья инженерлик-технологиялар техникумында инженерлик тараўларындағы кәсиплер бойынша кәсиплик билимлендириў бағдарламаларында толық мәмлекетлик грант тийкарында орта буўын кадрларын таярлаў жолға қойылады.

    Ҳәзирги ўақытта билим алып атырған барлық студентлер оқыўын Университетте даўам еттиреди ҳәм питкериўши курс студентлерине белгиленген тәртипте Университет дипломы бериледи.

    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech