Президент Шавкат Мирзиёев 19-март күни тек ғана Өзбекстан тарийхында емес, ал пүткил мусылман дүньясында айрықша орын ийелейтуғын уллы ислам илимпазы Имам ал-Бухарийге бағышланған бул комплекске барды. Ислам дининде Қураннан кейинги ең әҳмийетли дәрек сыпатында тән алынатуғын ең абырайлы ҳәдислер топламларынан бири - "Саҳиҳи Бухарий"диң авторы да әне усы уллы бабамыз болып табылады.

Зыяратшылар ушын барлық қолайлықлар жаратылған. Атап айтқанда, комплекс жанында туристлик орай шөлкемлестирилген. Оған тутас 15 гектар майданда заманагөй инфраструктура, қолайлы мийманханалар, сервис объектлери қурылды. Атап айтқанда, 1 төрт жулдызлы мийманхана, 2 үш жулдызлы мийманхана, 176 орынлық 22 шаңарақлық мийман үйи, автомобиль туратуғын орын қурылған. Бул объектлер коммуникация тармақлары менен толық тәмийинленип, аймақта абаданластырыў жумыслары алып барылды.

Нәтийжеде Имам Бухарий комплекси алдын күнине 12 мың зыяратшыны қабыллаған болса, ҳәзирги күнде 65 мың зыяратшыға хызмет көрсетиў имканиятына ийе болмақта.

Естелик комплекси Самарқанд ҳәм Жаңа Өзбекстанның гәўҳарына айланды. Оның майданы 45 гектар. Комплекс аймағында 10 мың адамға мөлшерленген үлкен мешит, ҳәкимшилик имарат, миллий усылдағы 154 бағанаға ийе саўлатлы әйўан қурылған.

Ең алдынғы мәлимлеме технологияларынан пайдаланған ҳалда 9 павилоннан ибарат теңи-тайы жоқ инновациялық музей қурылды. Онда ислам дүньясында "муҳаддислер султаны" сыпатында тән алынған Имам Бухарийдиң өмири ҳәм илимий мийрасы, ислам ағартыўшылығының раўажланыўына қосқан үлеси сәўлелендирилген. Сондай-ақ, музейде муқаддес Қураны кәримде атап өтилген 25 пайғамбардың тарийхы, Муҳаммед пайғамбардың шежиреси, оның Меккеде ҳәм Мадинада өткен өмири, ҳәдислерди жыйнаў ҳәм жазыў процеси ҳаққындағы мағлыўматлар менен танысыў мүмкин.

14 көк гүмбез ҳәм 75 метрлик төрт минара зыяратханаға саўлат бағышлайды.

Имам Бухарий комплексинде әмелге асырылған қурылыс жумыслары, жаратылған шараятлар Самарқандтың Орайлық Азияның ең әҳмийетли руўхый ҳәм туристлик орайларынан бири екенин және бир мәрте тастыйықлайды.