Тәреплер жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар тараўындағы бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелерин көрип шықты, қоспа жойбарлар ҳәм жаңа басламалардың орынланыў барысын додалады.
Кейинги жылларда жоқары билимлендириў тараўындағы шериклик қатнасықлары турақлы раўажланып атырғаны атап өтилди. Ташкент мәмлекетлик аграр университети, Ташкент мәмлекетлик экономика университети, Өзбекстан мәмлекетлик жәҳән тиллери университети сыяқлы жоқары оқыў орынлары менен Грузияның жетекши университетлери - Тбилиси мәмлекетлик университети, Телава мәмлекетлик университети ҳәм Грузия техника университети арасында нәтийжели бирге ислесиў жолға қойылған.
Ушырасыўда бирге ислесиўдиң төмендеги бағдарлары додаланды: "жүзимгершилик ҳәм виношылық" бағдары бойынша 1+1 модели тийкарында қоспа билимлендириў бағдарламасын жолға қойыў; туризм тараўында қоспа бағдарламалар жаратыў; Өзбекстан мәмлекетлик жәҳән тиллери университети жанында грузин тили орайын ашыў.
Илим ҳәм инновациялар тараўындағы бирге ислесиўди беккемлеў мәселелерине де тоқтап өтилди: жас илимпазлар ушын стажировкалар шөлкемлестириў, стартапларды қоллап-қуўатлаў, биргеликтеги илимий жойбарларды әмелге асырыў.
Тәреплер турақлы студент ҳәм оқытыўшылар алмасыўын жолға қойыў, қоспа билимлендириў форумларын өткериўге келисип алды.
Ушырасыў жуўмағында еки мәмлекеттиң тийисли министрликлери ҳәм жоқары оқыў орынлары арасындағы бирге ислесиўди және де беккемлеўге қаратылған бир қатар әмелий ўазыйпалар белгилеп алынды.
