Өзбекстан ҳәм Қубла Корея арасында туризм тараўындағы бирге ислесиў перспективалары додаланды

    Туризм 13 қараша 2025 414

    БМШ Жәҳән туризм шөлкеми Бас Ассамблеясы шеңберинде Өзбекстан Туризм комитетиниң баслығы Умид Шодиев Ар-Рияд қаласында Корея Республикасы мәденият, спорт ҳәм туризм министриниң орынбасары Ким Дэ Ҳён менен ушырасыў өткерди.

    Ушырасыўда тәреплер туризм тараўында еки тәреплеме бирге ислесиўди раўажландырыў, Қубла Кореяда өзбекстанлы қәнигелердиң маманлығын арттырыў, KOICA менен биргеликте устазлық бағдарламаларын шөлкемлестириў мәселелерин додалады. Самарқанд халықаралық туризм академиясы ҳәм Корея университетлери арасында академиялық бирге ислесиўди жолға қойыўға айрықша итибар қаратылды.

    Тәреплер мәмлекетлеримиз арасында туристлик алмасыўды кеңейтиў, Өзбекстанға келетуғын кореялы туристлер ушын қолайлы шараятлар жаратыў, елимиздиң мәдений мийрас объектлерин үгит-нәсиятлаў бойынша биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыўға келисип алды.

    Ушырасыў соңында Ким Дэ Хён Өзбекстанның бай мәдений дәстүрлери ҳәм туризм потенциалын жоқары баҳалап, туризм тараўындағы бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў әҳмийетли екенин атап өтти.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates