Нызам менен Жынаят кодексиниң 135-статьясына адам саўдасы менен байланыслы жынаятты ислегенлик ушын жаза шараларын күшейтиўди нәзерде тутатуғын өзгерис киргизилмекте.

Оған бола, адам саўдасы жынаятын жалған ҳүжжетлерден пайдаланған ҳалда, сондай-ақ, жәбирлениўшиниң шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжетлерди алып қойған, жасырған ямаса жоқ етип жиберген ҳалда:

5 жылдан 10 жылға шекем еркинен айырыў жазасын қолланылыўы белгиленди.

Бурын бул жынаят ушын 5 жылдан 8 жылға шекем еркинен айырыў жазасы белгиленген.

Сондай-ақ, усы жынаят жәбирлениўшиниң өлимине ямаса басқа да аўыр ақыбетлерге себеп болса:

10 жылдан 15 жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланыўы нәзерде тутылған.

Бурын бул жынаят ушын 8 жылдан 12 жылға шекем еркинен айырыў жазасы белгиленген.

Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.