Белгили бир мәкан ҳәм ўақытлар бар, олар пүткил жәмийеттиң руўхый көринисине айланады. Мәселен, ҳәр қыйлы дәўирлерде ҳәр қыйлы халықлар өз күш-қүдиретин қалай көрсеткенин еске алайық. Вавилонлылар Иштар дәрўазасы ҳәм Этаменанки зиккуратын қурған болса, Мысыр фараонлары пирамидалар арқалы мәңгиликке умтылған. Европада болса орта әсирлерде гөззал қала майданлары елдиң аўызбиршилигин, саўлатлы университет имаратлары илимге зәрүрликти аңлатқан. Яғный ҳәр бир жәмийет өзи ушын әҳмийетли болған қәдириятты материаллық формаға салып көрген.
Усы мәнисте, елимизде қурылған Олимпиада қалашасы - инсан ҳәм жәмийет ерк-ықрарының материалластырылыўы, нийетли ҳәрекеттиң әмелге асқан көриниси болып есапланады. Өйткени, ҳәр бир заман өзин өз алдына бир символ арқалы аңлатады. Олимпиада қалашасы болса бүгинги миллеттиң ишки қүдиретин, жәмлескенликтиң жаңа мәдениятын ҳәм тәртипке болған таярлығын, өз имканиятларын сынақтан өткериўге жедел кирискенин көрсетеди. Онда өзбектиң өз сөзин дүньяға еситтириў тилеги жәмленген.
Оның қурылысына 2022-жыл 9-ноябрьде мәмлекетимиз басшысы тәрепинен тырнақ тасы қойылғанында, бул жерде дерлик ҳеш нәрсе жоқ еди. Бүгин болса бул майданда пүткил Олимпиада қалашасы бой тиклегени дөретиўшилик кейпияты, ўақытты таллай алған үлкен реже ҳәм жәмәәтлик жуўапкершиликтиң жанлы дәлили болып есапланады.
100 гектардан аслам майданда қурылған комплекс жойбары “CAMC Engineering” компаниясы тәрепинен әмелге асырылғаны, жумыс процесинде энергия үнемлеўши шешимлер ҳәм алдынғы технологиялар қолланылғаны оның пайдаланыўда жарамлылық мүддетин создырып, хызмет сапасын да кепиллейди.
Қалашада бес тийкаргы комплекс бар. Велодром - инженерлик ҳәм дизайн үйлесимлигиниң үлгиси: ағаш жол қабатпа-қабат жатқарылған, траектория ҳәм бурылыў мүйешлери Халықаралық олимпиада комитетиниң талапларына сәйкес, ишки температура да жыл даўамында турақлы. Ҳәтте ҳаўа қарсылығы факторлары есапқа алынғаны спортшының секундлар менен өлшенетуғын нәтийжесине тәсир етеди. Жақтылықтың майданға тең бөлистирилиўи тамашагөйге қолайлық берсе, телетрансляция ушын да сапа белгиси болып есапланады. 2 200 орынлық трибуна қорғаныў тосықлары менен үскенеленген, майдан болса версатил: велоспорттан тысқары стол тенниси ҳәм қылышласыў жарысларын да өткериўге имканият береди. Бундай дәрежедеги велодром мәмлекетимизде биринши мәрте қурылғаны жергиликли спорт мектеплери ушын жаңа басқыш.
Қалашаның орайында 12 мың орынлық стадион жайласқан. Халықаралық турнирлер ўақтында бул жерде салтанатлы мәресимлер шөлкемлестириледи. Тийкарғысы, жасыл майдан ҳәм 9 қатарлы жуўырыў жолында жеңил атлетиканың 48 бағдары бойынша жарыслар өткериледи. Соның ишинде, жәҳән чемпионаты, Бриллиант лигасы, параатлетика беллесиўлери, көзи әззилер арасында IBSA ойынларын шөлкемлестириў мүмкин. Стадиондағы төрт қабатлы имаратта сайланды командалардың қәнигелери ҳәм спорт федерациялары жумыс алып барады. Басқа күнлери стадион жергиликли оқыў-шынығыўлар, әмелий шынығыўлар ҳәм дуал билимлендириў ушын пайдаланылады. Буннан келип шығып, имаратлар тек ғана жарыс ўақтында емес, ал күнделикли турмыста да халыққа хызмет етеди.
Үлкен суў спорты сарайы да заманагөй ҳәм қолайлы. Онда 25х50 метрли жүзиў ҳәм 25х20 метрли суўға секириў бассейнлери, шынығыўлар ушын бассейн ҳәм тренажёр заллары бар. Барлық шараятлар ҳәм өлшемлер халықаралық олимпиада стандартының талапларына жуўап береди. Жақында “World Aquatics” федерациясы делегациясы комплексти көзден өткерди ҳәм буны тастыйықлады. Яғный, бул жерде жүзиў, суўға секириў, синхрон жүзиў, суў полосы бойынша континент ҳәм жәҳән чемпионатлары, Олимпиада бағдарламасындағы абырайлы жарысларды шөлкемлестириў имканияты бар. Оларды бир ўақыттың өзинде 2 мыңнан аслам ықласбент тамаша етиўи мүмкин.
Командалық ҳәм жеке гүрес спорт түрлери комплекслери де халықаралық талаплар дәрежесинде қурылған. Олардың ҳәр бири үш қабатлы, 2 мың орынлық. Соның ишинде, бириншисинде волейбол, баскетбол ҳәм гандбол бойынша шынығыўлар ҳәм халықаралық жарысларды өткериў мүмкин. Жеке гүреслер комплекси дзюдо, бокс, таэквондо сыяқлы спорт түрлерин раўажландырыўға тийкар болады. Олимпиада қалашасында футбол, волейбол, теннис, шөп үстинде хоккей, жеңил атлетика сыяқлы 15 ашық майдан да қурылды. Буннан тысқары, 400 орынлық паралимпия жатақханасы, спорт медицинасы илимий-әмелий орайының қурылысы жуўмақлаўшы басқышта.
Қалашаның әтирапында транспорт, байланыс, коммуналлық тармақлар жаңаланды, жасыл аймақлар қурылды. Бул жердеги ҳәр бир деталь - пиядалар жолларынан баслап, велосипед жоллары ҳәм инклюзив кириў-шығыў шешимлерине шекем - бирлестирилгенде, заманагөй қала қурылысы талапларына жуўап беретуғын экосистеманы пайда етеди.
Социаллық пайдасы және де кең. Президентимиз тәрепинен берилген стол теннисин ҳәр бир мектеп ҳәм мәҳәлледе ғалаба ен жайдырыў, жергиликли әсбап-үскенелер ислеп шығарыўға байланыслы тапсырмалар - мине усы инфраструктураның логикалық даўамы. Кишкене бир мәҳәлледеги ракетка ҳәм стол - халықаралық майдандағы рекордлар дизбегиниң басланғыш ноқаты. Ғалабалық спорт раўажланса, саламат турмыс тәризи әдетке айланады; әдет саламатлыққа үнлес болса, саламат әўлад экономиканың ең исенимли капиталына айланады.
- Экономикалық тәсири де сезилерли: халықаралық жарыслар туристлик ағымды арттырады, мийманхана, транспорт, хызмет көрсетиў тараўларындағы айланысты жанландырады, жаңа жумыс орынларын жаратады. Мәмлекеттиң абырайы, спорт дипломатиясы, медиа итибар - булардың барлығы инвестициялық орталықтың жақсыланыўына хызмет етеди. Ең әҳмийетлиси, бул қалаша арқалы мыңлаған балалар спортты жақыннан көреди, үлкен мақсетке бағдарланған жумысларды сезеди, - дейди Өзбекстан миллий олимпиада комитетиниң бас хаткери Айбек Қосимов. - Бизге белгили, 2024-жылы Парижде болып өткен Олимпиада ҳәм Паралимпиада ойынларында елимиз спортшылары табыслы қатнасып, улыўма командалық есапта ҳәр еки бағдарда 13-орынды ийелеген еди. Енди олимпиада ҳәрекетин және де раўажландырыў, келешектеги жарысларда нәтийжелерди арттырыў мақсет етилген.
Президентимиздиң усы жыл 8-июльдеги қарары менен Өзбекстан спортшыларын 2028-жылғы Олимпиада ҳәм Паралимпиада ойынларына таярлаў бағдарламасы қабыл етилди. Бул бағдардағы жумысларды системалы шөлкемлестириў мақсетинде Миллий олимпиада комитетиниң 14 аймақлық бөлими шөлкемлестирилди. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери Олимпиада ҳәрекетин раўажландырыў бойынша Өзбекстан Республикасы Президентиниң арнаўлы ўәкили етип белгиленди. Ҳәр бир аймаққа Спорт министрлиги ҳәм Олимпиада комитетинен жуўапкерлер бириктирилди. Тийкарғы мақсет жоқары спорт нәтийжелерине тек ғана бир Олимпиада емес, турақлы ҳәм беккем тийкар жаратыў.
Қәбилетли спортшыларды ең төменги буўыннан баслап сайлап алыў ҳәм профессионал етип таярлаў ушын үш басқышлы "Жаңа Өзбекстан Олимпиада шыңлары" жарысы жолға қойылды. Оның финал басқышы ҳәр жылы Олимпия қалашасында "Президент олимпиадасы" сыпатында өткериледи. Жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери Олимпиада орайларына тартылып, профессионал таярланады. Республикалық олимпиада ҳәм паралимпиада орайының жумысы миллий сайланды командалар резервин жаратыўға қаратылады. Оқыў-шынығыўларды өткерип барыў ушын Олимпиада қалашасы имаратлары орайға бийғәрез тийкарда бириктириледи.
Сондай-ақ, атлетлер резервин кеңейтиў мақсетинде жеке меншик спорт клубларының жумысы жетилистирилип, рәсмий жарысларда қатнасыўы тәмийинленеди. Жоқары нәтийже көрсеткен спортшылар миллий сайланды командаларға қабыл етилиўи мүмкин болады.
- Олимпиада қалашасы спорт илиминиң орайы сыпатында да елимизде айрықша орын ийеледи. Бул жерде Спорт министрлиги, Антидопинг агентлиги, Мәмлекетлик спорт академиясы, Денетәрбия илимий-изертлеў институты, Спорт түрлерин раўажландырыў орайы сыяқлы мәкемелердиң бир орында жайласқаны бийкарға емес. Себеби спорттың келешеги тек ғана нәтийже менен емес, оның илимий тийкары, медициналық тәмийнаты ҳәм әмелияты интеграцияланғанда ғана жетик болады, - дейди Өзбекстан таэквондо (ITF) миллий ассоциациясының вице-президенти Отабек Жиянбоев. - Қалашадағы спорт медицинасы орайы арқалы спортшылардың саламатлығы турақлы қадағаланады, олардың тиклениў процесслери болса заманагөй технологиялар тийкарында шөлкемлестириледи. Бул спортшыны ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ушын да айрықша әҳмийетке ийе. Соның менен бирге, паралимпия жатақханасы имканияты шекленген спортшылар ушын айрықша қолайлықлар жаратып, мәмлекетимизде инклюзив спорттың раўажланыўына жол ашпақта. Бул қәдем спортымызда теңлик, әдиллик ҳәм аўызбиршилик идеяларының әмелдеги көриниси десек асыра айтқан болмаймыз, Олимпиада қалашасы мәмлекет спорт сиясатының узақты гөзлеген, стратегиялық әҳмийетке ийе ири жойбары сыпатында ҳәр бир бағдарда жаңа "соқпақ жол"ды баслап бермекте. Ол жерде спорт нәтийжеси менен бирге спорт мәденияты, қәдириятлары, руўхый дүньясы ҳәм жас әўлад тәрбиясы да үйлесимли түрде раўажланатуғыны адамды қуўандырады.
Мениңше, "Жаңа Өзбекстан" бағы, ағартыўшылық орайлары комплекси, Олимпиада қалашасы бир пүтинликте жаңа Өзбекстанның келбетин қурайды. Себеби спорт пенен шуғылланатуғын шахс тек ғана физикалық емес, ал руўхый жақтан да шынығады. Бул илимий тәрептен дәлилленген. Данышпанлар қайта-қайта тәкирарлаған. Атап айтқанда, "Тең салмақлылықты сақлаў, гөззал ҳәм саламат болыў ушын тек ғана илим ҳәм көркем өнер тараўындағы билимлердиң өзи жетерли емес, буның ушын пүткил өмир даўамында дене тәрбиясы ҳәм гимнастика менен шуғылланыў талап етиледи", дейди Платон.
Үш жыл алдынғы бос майданнан бүгинги жетик спорт кластерине шекемги жол, тек ғана жойбар, қаржы ҳәм материаллар ҳаққында емес. Бул, бәринен бурын, елдиң өз күшине исеними, заманагөй стандартларды өзлестириўге болған таярлығы, бәсекиде тек ғана қатнасыўшы емес, ал уйымластырыўшы да болыў мүмкин екенлиги ҳаққындағы дәлийл. Олимпиада қалашасы - саламат турмысқа шақырық, мийнет ҳәм тәртип мәденияты, халықаралық спорт картасындағы жаңа ири ноқат. Сол себепли, ол жерде жаңлайтуғын ҳәр бир старт, ҳәр бир қол шаппатлаў бүгинги ҳәм ертеңги нәтийжелер, жеңислер ырғағына сай болады.
Олимпиада қалашасы елимизде спорттың ҳәр қыйлы бағдарларын бирлестирип, оның заманагөй келбетин көрсетип атырған екен, соған сәйкес түрде айырым спорт түрлери ушын да өзине тән қуўат орайлары қурылмақта. Спорттың улыўма раўажланыўы аўызбиршиликти талап етсе де, ҳәр бир тараўдың өз жолы ҳәм тымсалы да болыўы зәрүр. Усы мәнисте, футбол халқымыздың руўхый дүньясында айрықша орын ийелейтуғын, елимиздеги ең ғалабалық ҳәм тәсиршең спорт түри сыпатында жасыл майданлардан да кеңирек, үлкенирек инфраструктураны талап ететуғын еди. Миллионлаған ықласбентлердиң арзыў-нийетлерин өзинде жәмлей алатуғын, жаслар ушын тәжирийбе мектеби, спортшылар ушын болса таярлық қорғаны ўазыйпасын атқаратуғын усындай орын зәрүр еди. Мине, усы зәрүрликтен келип шығып, Миллий футбол орайы қурылды ҳәм ол Олимпиада қалашасы менен үнлес ҳалда мәмлекетимиз спортын жаңа басқышқа алып шығатуғын жетик системаның бир буўынына айланды.
Азизбек ЮСУПОВ,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы