баннер
2 Mar 2025
12:12

    Алматада Өзбекстан ҳәм Қырғызстан Бас министрлери ушырасты

    Мәмлекетимиз ҳүкимети делегациясының Алматаға сапары шеңберинде бүгин, 31-январь күни Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов Қырғыз Республикасы Министрлер Кабинетиниң Баслығы - Президент Администрациясының Басшысы Адилбек Қасымалиев пенен еки тәреплеме ушырасыў өткерди.

    Мәмлекетлеримиз арасындағы дослық байланыслары ҳәм жақсы қоңсышылыққа тийкарланған кең көлемли стратегиялық шериклик қатнасықлары жедел раўажланып атырғаны, әҳмийетли биргеликтеги жойбарлар әмелге асырылып атырғаны атап өтилди.

    Мәмлекетлеримиз басшылары - Шавкат Мирзиёев ҳәм Садир Жапаров еки мәмлекет ҳүкиметлерине өз-ара қатнасықларды буннан былай да раўажландырыў бойынша анық ўазыйпаларды белгилеп берген.

    Ушырасыўда бул ўазыйпаларды әмелге асырыўда тығыз бирге ислесиўге айрықша итибар қаратылды.

    Сондай-ақ, саўда-экономикалық, транспорт-логистика, энергетика, санаат кооперациясы, аўыл хожалығы, мәдений-гуманитарлық ҳәм басқа да тараўларда ерисилген келисимлерди избе-из әмелге асырыў мәселелери көрип шығылды.

    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech