Мәмлекетлеримиз арасындағы дослық байланыслары ҳәм жақсы қоңсышылыққа тийкарланған кең көлемли стратегиялық шериклик қатнасықлары жедел раўажланып атырғаны, әҳмийетли биргеликтеги жойбарлар әмелге асырылып атырғаны атап өтилди.

Мәмлекетлеримиз басшылары - Шавкат Мирзиёев ҳәм Садир Жапаров еки мәмлекет ҳүкиметлерине өз-ара қатнасықларды буннан былай да раўажландырыў бойынша анық ўазыйпаларды белгилеп берген.

Ушырасыўда бул ўазыйпаларды әмелге асырыўда тығыз бирге ислесиўге айрықша итибар қаратылды.

Сондай-ақ, саўда-экономикалық, транспорт-логистика, энергетика, санаат кооперациясы, аўыл хожалығы, мәдений-гуманитарлық ҳәм басқа да тараўларда ерисилген келисимлерди избе-из әмелге асырыў мәселелери көрип шығылды.