"Алтын қәлем" XIX Миллий сыйлығы ушын халықаралық таңлаўда хошаметлеўши номинациялар енгизиледи

    14 мамыр 2025 1374

    Таңлаўдың хошаметлеўши 12 номинациясы жеңимпазлары диплом, "Алтын қәлем" статуэткасы ҳәм базалық есаплаўдың 100 есеси муғдарында ақшалай сыйлықланады.

    Хабар берилгениндей, Өзбекстан Журналистлер аўқамы тәрепинен "Алтын қәлем" ХIХ Миллий сыйлығы ушын халықаралық таңлаў жәрияланды.

    Таңлаў 5 тийкарғы номинация - телевидение, радио, баспа басылымлар, интернет басылымлары ҳәм "Сырт ел журналистиниң Өзбекстан ҳаққындағы ең жақсы материалы ушын" бағдарлары бойынша өткериледи.

    Сондай-ақ, таңлаўда төмендеги хошаметлеўши номинациялар енгизиледи:

    "Қоршаған орталықты сақлаў ҳәм "жасыл" экономиканы үгит-нәсиятлаўшы ең жақсы материаллар ушын"

    "Мәмлекетлик тилди раўажландырыў, абырайын және де арттырыўға бағышланған ең жақсы таллаў материаллары ушын"

    "Жаслар турмысына байланыслы ең жақсы материаллар ушын"

    "ҒХҚда жәрияланған ең жақсы миллий контент (материаллар) ушын"

    "Әҳмийетли темадағы ең жақсы сын көзқарастан таллаў материаллары ушын"

    "Публицистикалық жанрдағы ең жақсы китап ушын"

    "Спорт тараўы сәўлелендирилген ең жақсы материаллар ушын"

    "Пуқаралық жәмийети институтларының жумысына бағышланған ең жақсы материаллар ушын"

    "Ең жақсы фоторепортаж ушын"

    "Шаңарақ ҳәм мәҳәлле бирге ислесиўи бойынша ең жақсы жарытылған материаллар ушын"

    "Тәлим-тәрбия тараўындағы реформалар сәўлелендирилген ең жақсы материаллар ушын"

    "Улыўма миллий аўызбиршиликти үгит-нәсиятлаў ҳәм беккемлеўге қаратылған ең жақсы материаллар ушын"

    Таңлаўдың хошаметлеўши 12 номинациясы жеңимпазлары диплом, "Алтын қәлем" статуэткасы ҳәм базалық есаплаўдың 100 есеси муғдарында ақшалай сыйлықланады.

    Таңлаўда ҳәр бир қатнасыўшының 2024-жыл 30-апрельден 2025-жыл 30-апрельге шекем баспа ҳәм интернет басылымларында жәрияланған, радио ҳәм телевидениеде эфирге жиберилген 5 тен 7 ге шекемги материаллары көрип шығылады.

    «Публицистикалық жанрдағы ең жақсы китап ушын» хошаметлеўши номинациясы бойынша таңлаўда қатнасыў тилегинде болғанлар Өзбекстан Журналистлер аўқамына китабынан бир дана береди.

    Еслетпе: таңлаў төрешилери қурамының усынысы менен хошаметлеўши номинациялардың аты өзгериўи мүмкин.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates