Усы Реже судтың қарары тийкарында наркологиялық кеселликлерге шатылған шахсларды мәжбүрий емлеўге мөлшерленген наркология мәкемелеринде емлеў процесин шөлкемлестириў тәртибин белгилейди.
Мәжбүрий емлеўдиң даўамлылығы ҳаққындағы мәселе наркология мәкемесиниң баслығы ҳәм 2 нарколог шыпакерден ибарат медициналық комиссия тәрепинен наўқаслар мәкемеге келип түскен күннен баслап бес күнлик мүддетте шешиледи.
Бунда нәшебентлик пенен аўырған наўқасларды мәжбүрий емлеў мүддети 18 айдан асып кетпеўи керек.
Наўқаслар наркология мәкемесинен шығарылады:
мәжбүрий емлеў мүддети тамам болғанда ҳәм денсаўлығының клиникалық жағдайы есапқа алынғанда;
мәжбүрий емлеўди әмелге асырыўға тосқынлық ететуғын қосымша аўыр кеселликлер анықланғанда.








