Бағдарлама Өзбекстанның профессионал билимлендириў тараўындағы реформаларды қоллап-қуўатлаўға қаратылған Швейцарияның “VET4UZ” жойбары шеңберинде әмелге асырылмақта.

Сапар етиў даўамында қатнасыўшылар дүньяның жетекши санаат компанияларынан бири – “BOBST” жумысы менен танысты, сондай-ақ, маман кадрлар таярлаў бойынша Швейцария тәжирийбесин үйренди.

Онда төмендегилерге айрықша итибар қаратылды:

профессионал билимлендириў ҳәм кадрлар таярлаў системасын шөлкемлестириў, сондай-ақ, билимлендириў процесинде жумыс бериўшилердиң қатнасыўы;

заманагөй мийнет базары талапларын есапқа алған ҳалда әмелий көнликпелерди қәлиплестириў механизмлерин;

Өзбекстан профессионал билимлендириў системасында жумыс бериўшилердиң ролин күшейтиў;

дуал билимлендириў имканиятларын кеңейтиў, заманагөй кәсип ҳәм қәнигеликлер бойынша қәнигелер таярлаў;

профессионал билимлендириўдиң миллий системасына алдынғы халықаралық тәжирийбени енгизиў.

Ушырасыўлар жуўмағында профессионал билимлендириўди буннан былай да раўажландырыў ҳәм мийнет базарында талап жоқары болған кадрларды таярлаў мәселелери бойынша пикир алысылды.

Үйренилген Швейцария тәжирийбесинен Өзбекстанның профессионал билимлендириў системасын жетилистириўде, соның ишинде, дуал оқытыўды раўажландырыў ҳәм жумыс бериўшилердиң қәнигелер таярлаўда және де белсене қатнасыўы бағдарында пайдаланыў күтилмекте.