2025-жылдың 1-март жағдайына бола, Өзбекстанда жеке тәртиптеги исбилерменлер саны 284 мың 110 ға жетти. Соңғы бир жылда ЖИ дизимнен өткен ҳаял-қызлардың саны дерлик 18 мыңға көбейди. Мәмлекетимизде 261 жас исбилерменниң жыллық айланысы 100 миллиард сумнан асты. Кейинги бес жылда киши ҳәм орта бизнес субъектлериниң саны 2 есеге көбейди.
"Юксалиш" ҳәрекети Социаллық-экономикалық басламалар институты менен биргеликте Өзбекстанның 35 жасқа шекемги нәтийжели исбилерменлериниң рейтингин таярлады.
Рейтингтиң мақсети - жас исбилерменлерди анықлаў, хошаметлеў ҳәм қоллап-қуўатлаў бойынша стратегиялық қарарлар қабыл етиў ушын әҳмийетли мағлыўматлар базасын қәлиплестириў, мәмлекетимиздиң экономикалық раўажланыўына үлес қосып атырған жас жетекшилерди жәмийетимизге таныстырыў, сондай-ақ, жаслардың исбилерменликке қызығыўшылығын арттырыў ҳәм оларды өз жумысын баслаўға хошаметлеўден ибарат.
Рейтинг бир неше басқышта қәлиплестирилди. Биринши басқышта экспертлер ҳәм исбилерменлердиң усыныслары, сондай-ақ, ғалаба хабар қураллары ҳәм социаллық тармақлардағы материаллар, бизнес рейтинглер ҳәм сыйлықларды таллаў тийкарында 35 жасқа шекемги 100 жас исбилерменниң дизими қәлиплестирилди. Бунда талабанлардың медиа ҳәм социаллық белсендилиги, олардың жеке абырайы, жәмийетшилик пикири ҳәм исбилерменлик орталығына тәсири, өним ямаса хызметтиң инновациялылығы, исбилерменлик жумысының аймақ ҳәм мәмлекет имиджине унамлы тәсири, ерисилген нәтийжелер, сондай-ақ, бизнестиң социаллық жуўапкершилиги есапқа алынды.
Екинши басқышта "Юксалиш" ҳәрекети тәрепинен ислеп шығылған нормалар тийкарында экспертлик баҳалаў арқалы 20 адамнан ибарат жуўмақлаўшы дизим қәлиплестирилди. Улыўма баҳа - 100 балл.
Даўыс бериў процеси төмендеги нормалар тийкарында әмелге асырылды:
1. Искерликтеги инновациялық идеялар ҳәм шешимлер дәрежеси - 20 балл.
2. Экономикалық нәтийжелер: дәрамат, пайда, жумыс орынларын жаратыў ҳәм экономикалық өсиўге қосқан үлеси - 20 балл.
3. Жумыс даўамлылығы ҳәм турақлылығы - 15 балл.
4. Бәсекиге шыдамлылық, өним яки хызмет сапасы, маркетинг стратегиясы - 15 балл.
5. Жәмийет, қоршаған орталық ҳәм экономика алдындағы социаллық жуўапкершилик, социаллық жойбарлар, қайырқомлық ҳәм мәҳәллелерди қоллап-қуўатлаўда қатнасыў - 10 балл.
6. Жәмийеттеги абырайы ҳәм өз жумысына болған унамлы мүнәсибети - 10 балл.
7. Жас исбилерменлер арасында исбилерменлик мәдениятын раўажландырыўдағы орны, жаңа идеяларды үгит-нәсиятлаўы, медиа ҳәм социаллық тармақларда белсендилиги ҳәм басқа да жас исбилерменлерге тәрбияланыўда қатнасыўы - 10 балл.
Топ-20 лықтан ҳәр қыйлы тармақ ўәкиллери, соның ишинде, реклама ҳәм брендинг базарында сапа стандартларын жоқарылатқан ҳәм абырайлы таңлаўлардың жеңимпазы болған Sintez agencyдиң тийкарын салыўшысы Алина Мирзаева, устав капиталы 525 миллиард сум болған United Ventures венчур фондының баслығы Азизбек Қурбонов, аграр тараўда санлы шешимлер ҳәм инновацияларды енгизип атырған Agro Food Gastro АЖ басшысы Бекзод Аҳмедов, инглис тили бойынша ең ири Cambridge билимлендириў орайлары тармағының тийкарын салыўшысы Жаҳонгир Полатов ҳәм басқалар орын алды.