баннер
15 Apr 2025
07:41

    Ақыллы ҳәм меҳрийбан ҳаяллар - заманымыз қаҳарманлары

    Көксарай резиденциясында Халықаралық ҳаял-қызлар күни мүнәсибети менен байрам илажы болып өтти.

    Илаж алдынан Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев шығып сөйлеп, ҳүрметли аналар, әзиз апа-қарындасларды қызғын қутлықлады. Ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен мәплерин толық тәмийинлеў, қәдир-қымбатын улығлаў мәмлекетимиз сиясатында жетекши орында екенин атап өтти.

    Атап айтқанда, 2017-жылы басқарыў тараўында хызметкерлердиң орташа 20 процентин ҳаял-қызлар қураған болса, ҳәзирги ўақытта бул сан 35 процентке жетти. Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутатларының 38 процентин, Сенат ағзаларының 27 процентин ҳаял-қызлар қурамақта.

    Бул жәмийетимиздиң раўажланыўына да унамлы тәсир етпекте. Ең әҳмийетлиси, ақыллы, билимли ҳәм қәбилетли ҳаял-қызларымыз мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыстың барлық тараўларында үлги болмақта.

    Өткен жылы Олимпиада ҳәм Паралимпия ойынларында спортшы ҳаял-қызларымыз 3 алтын, 8 гүмис, 3 қола медалын қолға киргизди. Мәденият ҳәм көркем өнер тараўындағы абырайлы халықаралық таңлаўларда 25, мәмлекет көлеминдеги таңлаўларда болса 71 қәбилетли қыз жеңимпаз болды.

    Президентимиз ҳаял-қызлардың аўырын жеңиллетиў, оларға қосымша шараятлар жаратыў мәселелерине айрықша итибар қаратты.

    - Үй-руўзыгершилик жумыслары ҳәм перзент тәрбиясынан артып, билим алып атырған, мийнет етип атырған ҳәм исбилерменлик пенен шуғылланып атырған ҳаял-қызлар, заманымыздың ҳақыйқый қаҳарманлары, десек, дурыс болады. Жаңа Өзбекстанда ҳаял-қызлардың аўырын жеңил етиў, олар ушын барлық тараўларда зәрүр шараятларды жаратып бериў бәрқулла мәмлекетлик сиясаттың ең тийкарғы бағдарларынан бири болып қалады, - деди Шавкат Мирзиёев.

    Сонлықтан, жаңаланған Конституциямыздағы социаллық мәмлекет принципине муўапық, ҳаял-қызларды социаллық қорғаў да жаңаша шөлкемлестирилмекте.

    Усы жылы майыплығы болған 162 мың ҳаял-қызға санатория, емлеўхана ҳәм өзлери жасап атырған мәҳәлледе медициналық жәрдем көрсетиледи, бағыўшысын жоғалтқан 130 мың ҳаял-қызға материаллық жәрдем бериледи, және 6 мыңының турақ жай шараятлары жақсыланады, мийнетке жарамлы ҳаяллар жумысқа жайластырылады.

    Сондай-ақ, ҳәр жылы аўыр жағдайға түсип қалған 50 мың ҳаял-қыз мәмлекетимиздеги сулыў орынларға оқыў ҳәм дем алыў ушын жибериледи.

    Ҳаял-қызлардың саламатлығы - ҳәр тәреплеме саламат ҳәм қүдиретли жәмийет тийкары болып есапланады. Усы мақсетте 230 туўыў мәкемеси 21 мың ең заманагөй медициналық үскенелер менен тәмийинленеди. Буннан тысқары, усы жылы 1,5 миллион ҳаял-қызда рак кеселлигин ерте анықлаў мақсетинде скрининглер өткериледи.

    Қыз баланың оқыўы пүткил шаңараққа пайда келтиретуғыны және бир мәрте атап өтилди. Егер шаңарақ билимли, ағартыўшы болса, жәмийеттиң санасы, мәдений дәрежеси де жоқарылайды.

    Студентлердиң 52 проценттен асламын ҳаял-қызлар қурап атырғаны мине усы ийгиликли идеяның әмелий нәтийжеси, деп айтыў мүмкин. Өткен жылдың өзинде магистратурада оқып атырған 15 мыңға шамалас ҳаял-қызларға 100 миллиард сумға шамалас контракт пулы төлеп берилди.

    Ҳәзирги ўақытта 6 мың 200 ден аслам ҳаял-қызлар илимий жумыс пенен шуғылланып атырғаны, илимий қолланбалардың 25 процентин илимпаз ҳаял-қызлар жаратып атырғаны да, жәмийетте олардың орны беккемленип атырғанынан дәрек береди.

    Ҳәр бир шаңарақтағы қызлар бақша, мектеп пенен толық қамтып алыныўы, заманагөй кәсип-өнер ҳәм шет тиллерин иелеўи, жоқары мағлыўматқа ийе болыўы ушын буннан былай да барлық шараятлар жаратылады. Атап айтқанда, быйыл 250 мың қыз жоқары билимлендириўге қамтып алынады. Бул 2017-жылға салыстырғанда 3,5 есеге көп. Және 250 мың ҳаял-қыз кәсип-өнер ҳәм исбилерменликке оқытылады. "Жарқын келешек" жойбары шеңберинде ҳәр жылы кеминде 200 қыз дүньяның абырайлы жоқары оқыў орынларына оқыўға жибериледи.

    Мәмлекетимиз басшысы ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм исбилерменликке тартыў мәселелерине айрықша тоқтап өтти.

    Бул бағдардағы әмелий қәдем сыпатында Саўда-санаат палатасы жанында Исбилермен ҳаял-қызлар кеңесин шөлкемлестириў басламасын алға қойды. Бул кеңес орынларда ҳаял исбилерменлерди қыйнап атырған турмыслық машқалаларды шешиў бойынша тиккелей парламент алдына мәселе қойыў ўәкиллигине ийе болады.

    Быйыл мәҳәллелерде ҳаял-қызлар исбилерменлиги жойбарлары ушын қосымша 3,3 триллион сум ажыратылады. Атап айтқанда, шаңарақлық исбилерменлик бағдарламалары шеңберинде және 100 миллион доллар бериледи. Буған қосымша түрде коммерциялық банклер де 100 миллион доллар тартып, мәҳәллелерде өзин-өзи бәнт еткен ҳаял-қызларға 50 миллион сумға шекем гиреўсиз кредитлер ажыратады.

    Атап өтилгениндей, ҳаял-қызлар исбилерменлигин раўажландырыў бойынша 4 басқышлы жаңа система жолға қойылады.

    Биринши басқышта бизнеске қызыққан, бирақ көнликпеси болмаған 20 мың ҳаял-қыз исбилерменликке оқытылады. Екинши басқышта өзин-өзи бәнт еткен 100 мың ҳаялдың киши исбилермен болыўына жәрдем бериледи. Үшинши басқышта "Ҳамроҳ" компаниясы ҳәр бир районда 2 ден киши кәрхананы үлгили орта бизнес дәрежесине алып шығыўға жуўапкер болады. Төртинши басқышта ең белсенди 50 ҳаял-қыз исбилермен жыллық айланысы 100 миллиард сумнан асатуғын "чемпион исбилермен"ге айландырылады.

    Улыўма етип айтқанда, быйыл кәсип-өнерге оқытыў, жумыс пенен тәмийинлеў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў есабынан 2 миллион ҳаялдың бәнтлигин тәмийинлеў мақсет етилген.

    - Алдымызға барлық тараў ҳәм бағдарларда оғада уллы мақсетлерди қоймақтамыз. Оған ерисиў ушын биз сүйенетуғын жетик әўладты тәрбиялап, камалға келтириў сиз, әзизлердиң - пидайы аналардың қолында, - деди мәмлекетимиз басшысы.

    Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 3-марттағы қарарына бола 28 қыз Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлық пенен, 4-марттағы пәрманға муўапық, мийнет жолы ҳәм жәмийетлик жумысларда үлкен нәтийжелерге ерискен бир топар ҳаял-қызлар орден ҳәм медаллар менен сыйлықланған еди. Илажда мине усы жоқары сыйлықлар салтанатлы түрде тапсырылды.

    Мәресим соңында Шавкат Мирзиёев халқымыз атынан ҳаял-қызларды және бир мәрте қутлықлап, жақсы тилеклер билдирди.

    - Бәршеңизге беккем денсаўлық, шаңарақларыңызға тынышлық-аманлық, дүньядағы ең үлкен байлық - шаңарақлық бахыт яр болыўын тилеймен. Бәрқулла перзентлериңиз ҳәм жақынларыңыз, ел-журтымыз ардағында жүриў несип етсин, - деди Президент.

    Байрам шеңберинде "Өзбекстан" әнжуманлар сарайында салтанатлы концерт қойып берилди.


    No date selected
    April 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech