Оған Өзбекстан денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң баслығы Л.Байбосынова, институттың оқыў ислери бойынша проректоры М.Курбаназаров, профессор-оқытыўшылар ҳәм қәнигелер қатнасты.
Семинарда бүгинги күни Орайлық Азияда қәлиплесип атырған жаңа сиясий руўх, қоңсы мәмлекетлер арасындағы өз-ара исеним, қарым-қатнас ҳәм бирге ислесиўдиң беккемлениўи бойынша пикирлесип, 2017-жылдан берли өткерилип киятырған Мәсләҳәт ушырасыўлары форматы регион мәмлекетлери ушын турақлы дипломатиялық платформаға айланғанын атап өтти. Буның нәтийжесинде шегаралар мәселесинде әҳмийетли келисимлер, биргеликтеги жойбарлар ҳәм экономикалық интеграция процесслери сезилерли дәрежеде жеделлескен.
Сондай-ақ, өткерилген илажда регионаллық қәўипсизлик ҳәм турақлылық, экономикалық бирге ислесиў ҳәм транспорт инфраструктурасы, суў, энергетика ҳәм экологиялық турақлылық ҳәм регионаллық институтларды күшейтиў бағдарларында алып барылып атырған жумыслар ҳаққында кеңнен түсиник берилди.
Илаж жуўмағында “Жаңа Орайлық Азия” бул дийўал емес – көпир: бирге ислесиў, исеним ҳәм улыўмалық раўажланыў майданы екени атап өтилди. Регионаллық тилеклеслик, өз-ара исеним ҳәм ашық сөйлесиў келешектеги турақлылық ҳәм абаданлықтың тийкарғы кепили болып есапланады.
Семинар қатнасыўшылары Орайлық Азияда болып атырған терең интеграция процесслери тек ғана сиясий ҳәм экономикалық емес, ал, социаллық-гуманитарлық тараўлар, атап айтқанда, денсаўлықты сақлаў системасы ушын да кең имканиятлар жарататуғынын атап өтти.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.








