Өзбекстан ҳәм Франция арасында стратегиялық шериклик қатнасықларын орнатыў ҳәм тереңлестириўге қосқан жеке үлеси, сиясий қарым-қатнас ҳәм мәмлекетлераралық бирге ислесиўди раўажландырыў, саўда-экономикалық, инвестициялық, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, туризм, илимий-техникалық тараўларда өз-ара пайдалы биргеликтеги бағдарлама ҳәм жойбарларды әмелге асырыў, мәмлекетимиздиң глобаллық ҳәм регионаллық басламаларын жедел қоллап-қуўатлаў бағдарындағы айрықша хызметлери, сондай-ақ, халықларымыз арасында дослық байланыслары, аўызбиршилик ҳәм мәдений-гуманитарлық байланысларды беккемлеў жолындағы әмелий ҳәрекетлери ушын Франция Республикасының Өзбекстан Республикасындағы Айрықша ҳәм Толық ҳуқықлы елшиси Орелия Бушез ханым Өзбекстан Республикасының "Дўстлик" ордени менен сыйлықлансын.
Өзбекстан Республикасы Президенти
Ш.Мирзиёев









