Қарарға бола, 2025-жылдан ҳәр 18 айда - бәҳәр ямаса гүз мәўсимлеринде Арал мәденият саммити өткерип барылады.
Биринши Арал мәденият саммити Самарқанд ықлым форумы менен үнлес ҳалда 2025-жыл 4-6-апрель күнлери Самарқанд ҳәм Нөкис қалаларында жоқары дәрежеде шөлкемлестириледи.
Аралбойында ҳәм дүньяның басқа да регионларында жүзеге келген экологиялық машқалаларды додалаў ҳәм ақылға уғрас шешимлерди усыныў ушын глобал платформа жаратыў Саммиттиң тийкарғы мақсет ҳәм бағдарларынан бири етип белгиленди.
Арал мәденият саммитине таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша шөлкемлестириў комитети дүзилди.
Мағлыўмат ушын: БМШтың 2023-жыл 22-24-март күнлери Нью-Йорк қаласында болып өткен суў ресурсларына бағышланған конференциясында Өзбекстан тәрепинен Арал мәденият саммити жойбарын әмелге асырыў басламасы алға қойылған.