Телеграм социаллық тармағында ис ҳақы ҳаққында мағлыўмат бериўши «Oylikbot» (chat botı) өширилди.
Оның орнына альтернатив сыпатында жаратылған, қәўипсиз ҳәм пайдаланыў ушын қолайлы болған "Молиячи" мәлимлеме системасы иске қосылды, деп хабар береди Экономика ҳәм қаржы министрлигиниң мәлимлеме хызмети.
Атап өтилиўинше, бул бағдарлама иске қосылғаннан соң, хызметкерлер тиккелей мийнет ҳақы ҳәм басқа да зәрүр мағлыўматларды бағдарламадан жүклеп алыў имканиятына ийе болыўы мүмкин.
Бағдарламаның иске қосылыўы ҳаққында рәсмий социаллық тармақ бетлеримизде қосымша мәлимлеме бериледи.