Бағдарлама шеңберинде талабанлар 3 айлық стажировкадан өтип, кейин толық мүддетли мийнет шәртнамасына қол қойыўы мүмкин.
Талабанларға айына 1200-1500 евро мийнет ҳақы, бийпул турақ жай, түслик ҳәм итальян тили курслары усыныс етиледи. Стажировка жуўмағында 1800-2200 евро ис ҳақы менен мийнет шәртнамасын дүзиў ямаса алдынғы жумыс орнына қайтарыў имканияты бериледи.
Талаплар: "Жоқары мийирбийкешилик иси" бойынша жоқары мағлыўмат, кеминде 3 жыл жумыс тәжирийбеси, 20-45 жас, денсаўлығы ҳәм сырт елге шығыўға шеклеў жоқ екенлиги.
Керекли ҳүжжетлер: паспорт нусқасы, диплом, инглис тилинде объективка мағлыўматнама (үлги бойынша), соңғы үш айда алынған 3,5 х 4,5 см реңли фотосүўрет.
Арзалар 2025-жыл 15-августқа шекем қабыл етиледи. Биринши басқышта 10 талабан таңлап алынады.








