Түркменбашы қаласы аэропортында мәмлекетимиз басшысын Түркмен халқының миллий жетекшиси, Халық Мәсләҳәти Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедов күтип алды.
Өзбекстан жетекшиси 5-август күни БМШтың Теңизге шығыў имканияты жоқ раўажланып атырған мәмлекетлер бойынша үшинши конференциясында, Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының жетинши Мәсләҳәт ушырасыўына таярлық көриў мәселелерине бағышланған арнаўлы илажда қатнасады және бир қатар еки тәреплеме сөйлесиўлер өткереди.