Өзбекстан Президенти Россия сыртқы ислер министрин қабыллады

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 23-апрель күни Самарқанд қаласында әмелий сапар менен мәмлекетимизде болып турған Россия Федерациясы сыртқы ислер министри Сергей Лавров басшылығындағы делегацияны қабыллады.

    Ушырасыў алдынан жоқары мәртебели мийман мәмлекетимиз басшысына Россия Федерациясы Президенти Владимир Путинниң сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.

    Сөйлесиўде Өзбекстан-Россия дослық, кең көлемли стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерди әмелге асырыў көзқарасынан және де беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

    Барлық бағдарларда жедел сөйлесиўлер ҳәм нәтийжели алмасыўлар алып барылып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Товар алмасыў ҳәм инвестициялар көлеми артпақта. Аймақлар ҳәм жетекши санаат кәрханаларының кооперациясы күшеймекте. Мәденият, көркем өнер, илим, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, спорт ҳәм туризм тараўларындағы бирге ислесиў кеңейип бармақта.

    Тәреплерди қызықтырған регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе мәселелер бойынша да пикир алысылды.


    No date selected
    May 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates