Мәмлекетимиз басшысы Түркия жетекшисине беккем денсаўлық, абаданлық, туўысқан түрк халқының турақлы раўажланыўы жолындағы жуўапкершиликли жумысында үлкен табыслар тиледи.
Заманагөй Түркияның қурылысында, мәмлекеттиң глобал майдандағы абырайының артыўында, Өзбекстан-Түркия кең көлемли стратегиялық шериклик қатнасықлары бүгинги жоқары дәрежеге көтерилиўинде Президент Режеп Эрдоғанның орны ҳәм жеке үлеси айрықша атап өтилди.
Ҳәр қыйлы дәрежелерде жедел, нәтийжели сөйлесиў ҳәм алмасыўлар даўам етип атырғаны, саўда-экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўлардағы әмелий бирге ислесиўдиң пәти артып атырғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Инвестициялар, инновациялар, энергетика, инфраструктура, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў ҳәм басқа да тараўларда биргеликтеги кооперация жойбарларын алға қойыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Мәмлекет басшылары Жоқары дәрежедеги стратегиялық бирге ислесиў кеңесиниң гезектеги мәжилиси ҳәм Түркий мәмлекетлер шөлкеми шеңбериндеги болажақ саммитлердиң күн тәртибин таярлаў мәселелерине айрықша итибар қаратты.
Халықаралық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша да пикир алысылды.
Сөйлесиў жуўмағында жетекшилер пүткил мусылман үммети ушын муқаддес болған Рамазан айының кирип келиўи мүнәсибети менен бир-бирин қутлықлап, туўысқан Өзбекстан ҳәм Түркия халықларына тынышлық-парахатшылық, абаданлық ҳәм раўажланыў тиледи.