Мәмлекетимиз жетекшисин Франция Президенти Эммануэль Макрон күтип алды.

Майданда жоқары мәртебели мийман ҳүрметине Франция Республикалық гвардиясы, қурғақлық армиялары, әскерий-теңиз ҳәм әскерий-ҳаўа күшлери хызметкерлеринен ибарат ҳүрметли қараўыл сап тартты.

Әскерий оркестрдиң атқарыўында еки мәмлекеттиң гимнлери жаңлады. Гвардияшылар мәмлекетимиз басшысының алдынан салтанатлы жүрип өтти.

Президентлер ҳүрметли қараўыл қатары алдынан өтти ҳәм рәсмий делегациялар ағзаларын қутлықлады.

Соң мәмлекетимиз басшысы атлы гвардияшылар ҳәм мотоцикллистлер менен биргеликте жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер өткериў ушын.