Өзбекстан Президентиниң Венгрияға рәсмий сапары басланды

    Венгрия Бас министри Виктор Орбанның мирәт етиўине бола Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев зайыбы менен бирге рәсмий сапар менен Будапешт қаласына келди.

    Самолёт алдында Өзбекстан жетекшисин Венгрия экономикалық раўажланыў министри Мартон Надь ҳәм басқа да рәсмий шахслар күтип алды.

    Ференц Лист атындағы халықаралық аэропортта уллы мәртебели мийман ҳүрметине еки мәмлекеттиң мәмлекетлик байрақлары көтерилди, ҳүрметли қараўыл сап тартты.

    Сапар бағдарламасына муўапық, 20-май күни жоқары дәрежедеги Өзбекстан-Венгрия сөйлесиўлери болып өтеди.

    Мәмлекетимиз басшысы Венгрияның рәсмий шахслары ҳәм жетекши компанияларының басшылары менен де ушырасыўлар өткереди.

    Өзбекстан Президенти 21-май күни Венгрия пайтахтында Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң рәсмий емес саммитинде қатнасады.


    No date selected
    June 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates