Өзбекстан Аўғанстан менен энергетика тараўында 243 миллион долларлық 4 жойбарды әмелге асырады

    18 тамыз 2025 970

    2025-жыл 17-август күни Аўғанстан Брешна Ширкат (DABS) ҳәм Өзбекстан арасында төрт электр энергиясы жойбары бойынша шәртнамаларға қол қойылды.

    Бул ҳаққында Аўғанстан бас министриниң экономикалық мәселелер бойынша орынбасарының баспасөз хызмети хабар берди.

    Мәресимде Өзбекстан энергетика министри Жўрабек Мирзамаҳмудов ҳәм Аўғанстан экономикалық ислер бойынша Бас министрдиң орынбасары Молла Абдул Ғаний Бародар Ахунд қатнасты.

    Жойбарлар төмендегилерди өз ишине алады:

    500 кВлы Сурхан – Дашт-и Алавон электр узатыў тармағы (қуўатлылығы 1000 мегаватт),

    800 МВА қуўатлылыққа ийе Арганды подстанциясын кеңейтиў,

    220 кВлы Қабул - Шайх Месри электр узатыў тармағы (қуўатлылығы 800 мегаватт),

    Нангархарда 126 МВА қуўатлылыққа ийе Шайх Месри подстанциясын қурыў.

    "Өзбекстан бул жойбарларға шама менен 243 миллион доллар инвестиция қаратады. Жойбарлар толық жуўмақланғаннан соң, Аўғанстан Өзбекстаннан 800-1000 мегаватт электр энергиясын алады. Барлық жумыслар 18 ай ишинде әмелге асырылыўы режелестирилген", - делинеди хабарда.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates