Сурхандәрья ўәлаяты ҳәкимлигиниң хабар бериўинше, гуманитарлық жүклер Ҳайратон қаласындағы "Астрас" компаниясы аймағында Өзбекстан Республикасы Президентиниң Аўғанстан бойынша арнаўлы ўәкили Исматилла Иргашев, Сурхандәрья ўәлаяты ҳәкими Улуғбек Қосимов ҳәм Балх ўәлаяты губернаторының орынбасары Нурулходи Абуидрис, сондай-ақ, еки тәреп рәсмийлериниң қатнасыўында тапсырылды.
Гуманитарлық жәрдем қурамынан ун, гүриш, қумшекер, макарон ҳәм кондитер өнимлери, өсимлик майы, тез таярланатуғын аўқатлар, қызыл ловия ҳәм мәш орын алған.
Аўғанстан рәсмийлери Өзбекстан Президенти ҳәм халқына көрсетип атырған инсаныйлық жәрдеми ушын миннетдаршылық билдирип, Қурбан ҳайыты мүнәсибети менен қызғын қутлықлаўларын жоллады.









