Өзбекстан Турақлы раўажланыў мақсетлери рейтингинде 19 текшеге көтерилди

    25 маусым 2025 1621

    "Турақлы раўажланыў шешимлери тармағы" халықаралық шөлкеми тәрепинен 2025-жыл ушын жәрияланған Турақлы раўажланыў есабаты рейтингинде Өзбекстан өз көрсеткишин 19 текшеге жақсылап, 167 мәмлекет арасында 62-орынды ийеледи.

    Есабатта атап өтилгениндей, Өзбекстан 2015-жылдан берли Орайлық Азия ҳәм Шығыс Европа регионларында Турақлы раўажланыў мақсетлери бойынша ең тез пәтлерде раўажланыўға ерискен мәмлекет сыпатында тән алынған.

    Есабатта мәмлекетимизде Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў жолында әмелге асырылып атырған реформалар жоқары баҳаланды.

    Атап айтқанда, кәмбағаллықты қысқартыў, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаўдың сапасын жақсылаў, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, гендер теңликке ерисиў, социаллық қорғаў механизмлерин күшейтиў, санлы ҳәм жасыл экономиканы жедел раўажландырыў, сондай-ақ, статистикалық мағлыўматлардың ашық-айдынлығын арттырыў тараўларында ерисилген жетискенликлер айрықша атап өтилди.

    Халықаралық экспертлер Өзбекстанның Турақлы раўажланыў мақсетлери тараўындағы жетискенликлери Президент Шавкат Мирзиёев тәрепинен алып барылып атырған кең көлемли институционаллық ҳәм структуралық реформалардың нәтийжеси екенин атап өтти, деп хабар береди Олий Мажлис Сенатының баспасөз хызмети.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates