Өзбекстанның БМШтағы турақлы ўәкили, елши Улуғбек Лапасов Қытай басшылығында БМШ Қәўипсизлик кеңесиниң ҳәр тәреплеме ҳәм глобал басқарыў институтларын реформалаў мәселелерине бағышланған мәжилисинде баянат пенен қатнасты.

Онда Өзбекстанның БМШ пенен өз-ара бирге ислесиўдиң ең тийкарғы мәселелери бойынша рәсмий позициясы халықаралық жәмийетшиликке жеткерилди. Мәжилис қатнасыўшылары елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар менен жақыннан танысты.

Өзбекстанның көп қырлы, глобал басқарыўды беккемлеў ҳәм жетилистириў тәрепдары екени айрықша атап өтилди. Сондай-ақ, регионаллық бирге ислесиўдиң әҳмийетли екенлиги ҳәм Аўғанстанды экономикалық тиклеўден мәпдар екени атап өтилди.

Мәмлекетимиз трансмиллий қәўип-қәтерлерге, соның ишинде, нәшебентлик затлардың нызамсыз айланысы, терроризм ҳәм шөлкемлескен жынаятшылыққа қарсы гүресиўде БМШ пенен бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиўге таяр екени тастыйықланды.

Қатнасыўшыларға экономикалық турақлылықты тәмийинлеў, кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм жаслардың имканиятларын кеңейтиўге қаратылған "Өзбекстан-2030" стратегиясының мазмун-мәниси ҳәм әҳмийети ҳаққында айтып берилди. Өзбекстанда 2025-жыл - "Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм "жасыл экономика" жылы", деп жәрияланғаны атап өтилди.

Арал апатшылығы ақыбетлерин жумсартыў мақсетинде тоғайлар жаратыў, суўды үнемлеў, қайта тикленетуғын энергия дәреклеринен пайдаланыў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылып атырғаны мәлим етилди. Сондай-ақ, Аралбойында турақлы раўажланыўды халықаралық қоллап-қуўатлаўды кеңейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Ағза мәмлекетлер 2025-жыл июнь айында Самарқанд қаласында болып өтетуғын БМШтың "Бес жыл - 2030-жылға шекем: Турақлы келешек ушын мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўди жеделлестириў" темасындағы мәмлекетлик хызметлер форумына мирәт етилди.

Өзбекстанның глобаллық тынышлық ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў тәрепдары екени атап өтилди. Усы көзқарастан, мәмлекетимиз БМШ Қәўипсизлик кеңесиниң 2035-2036-жыллар ушын турақлы болмаған ағзалығына өз кандидатурасын алға қойғаны мәлим етилди.